Ысытыў қазанларын ислеп шығарыў жолға қойылды

Елимизде жеке меншик секторды раўажландырыў, халықтың бәнтлигин тәмийинлеў ҳәм экономикалық белсендиликти арттырыўға қаратылған әмелий илажлар өз нәтийжесин бермекте.
Бул бағдарда жаратылып атырған имканиятлардан ақылға уғрас пайдаланып, өз жумысын киши устаханадан баслап, бүгин заманагөй өндирис кәрханасына тийкар салып атырған исбилерменлердиң саны артып бармақта. Олардың арасында “Аму металл-ковка арт” ЖШЖ басшысы Жасурбек Бобожоновтың жумысы итибарға ылайық үлги сыпатында атап өтилмекте.
Бүгинги күнде бул жеке меншик кәрхана тек ғана жергиликли базарда емес, ал пүткил аймақта талап жоқары болған “Аму тепло” ысытыў қазанларын ислеп шығарыўды жолға қойған. Бул үскенелер өзиниң энергияны үнемлеўшилиги, исенимлилиги ҳәм нәтийжелилиги менен ажыралып турады. Атап айтқанда, бир шаңарақты ямаса ыссыхананы тек ғана 30-50 кг көмир менен бир сутка даўамында ысытыў мүмкин.
Кәрхананың жумысы темир есик ҳәм дәрўазалар, миллий усылдағы декоратив буйымларды ислеп шығарыўды да қамтып алған. Ҳәзирги ўақытта кәрханада 10 турақлы хызметкер, бир неше мәўсимлик жумысшы ҳәм бир топар шәкиртлер мийнет етпекте.



Жасурбек Бобожонов өз жумысын әпиўайы устаханада, әкесиниң қасында жумысшы сыпатында баслаған. Бүгин болса ол заманагөй технологияларға тийкарланған, бәсекиге шыдамлы өнимлер ислеп шығаратуғын кәрхана басшысы сыпатында танылмақта. Оның басламасы себепли тек ғана өзиниң шаңарағы емес, ал мәҳәллениң социаллық-экономикалық раўажланыўына үлкен үлес қосылмақта.
Әмелге асырылып атырған бундай жойбарлардан белгили болғанындай, тынымсыз мийнет ҳәм излениў себепли ҳәттеки, шетки аймақларда да экономикалық өсиўге ерисиў мүмкин. Жасурбек Бобожоновтың ибратлы жумысы болса, әлбетте, басқа исбилерменлер ушын да илҳам дәреги болып хызмет етеди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги