Инстаграм – адамның “мирәт қағазы” бирақ…

122

Бүгинги санлы әсирде социаллық тармақлар, әсиресе, инстаграм, тек ғана кеўилашар платформа емес, ал ҳәр бир кәсип ийеси ушын өзин көрсетиў, жеке бренд жаратыў ҳәм қарыйдарлар базасын кеңейтиў имканиятына айланған. Шыпакерлер, аспазлар, стилистлер, борт бақлаўшылары, спортшылар, актёрлар, дизайнерлер ҳәм басқа да көплеген кәсип ийелери өз бағдарлары бойынша блоглар жүргизиў арқалы үлкен аудиторияға ийе болмақта.

Инстаграмда профессионал көзқарас пенен контент жаратыў ҳәм турақлы жумыс алып барыў адамға бир қанша абзаллықлар береди. Мысал ушын: қәниге өзиниң жумыс тәжирийбеси, көзқарасы арқалы басқалардан ажыралып тура алады. Көбирек қарыйдар ҳәм аудитория тартыў менен турақлы контентке қызыққан аудитория қәлиплеседи. Қалаберди, қанаатланған қарыйдарлардың қәниге жумысына мақтаўы ҳәм жақсы пикирлери менен басқа қарыйдарларда да унамлы тәсир пайда болады.

Соның менен бирге, инстаграмда алдаў ҳәм өтирик жағдайлар да бақланбақта. Көпшилик жағдайларда профессионал емес шахслар басқа қәнигелердиң жумысларын өзине тийисли деп жәриялайды. Негизинде болса олар оншелли жетик кәсиплик билимге ийе емес. Айырым блогерлер қәўендерлик постлары арқалы сапасыз өним ямаса хызметлерди үгит-нәсиятламақта. Қалаберди, қәнигелик сертификатысыз жумыс алып барыў да жүдә көбейген. Бул әсиресе медицина, косметология ҳәм психология сыяқлы нәзик тараўларда қәўипли болыўы мүмкин. Буннан тысқары, жазылыўшылар санын жасалма көбейтиў ҳәм көриўлер санын жасырыў себепли блог ийеси жумысы ҳақыйқаттан да қәнигели екенин тексериў бираз қыйын.

Бундай жағдайлар тек ғана пайдаланыўшыларды алдап қоймастан, ал ҳақыйқый қәнигелердиң исенимине зыян келтиреди. Сол себепли, социаллық тармақларда, әсиресе, профессионал жумыс алып барып атырған шахслар ушын, белгили бир әдеп-икрамлылық ҳәм социаллық “фильтр” зәрүрлиги туўылмақта.

Пайда болып атырған жағдай себепли, диплом, статус ҳәм жумыс тәжирийбеси бир шетте қалып, бир блогер рекламасы ямаса инсанның арнаўлы психологиялық шақырықлары арқалы өзине тартатуғын жалған “қәнигелер”ге талап күннен-күнге артып бармақта. Косметолог препаратларын дозасынан артық пайдаланғаны ушын қарыйдарда алдын алып болмайтуғын тери күйиў асқыныўларын келтирип шығарса, асқазан операциясын арнаўлы билим ҳәм көнликпелерсиз өткергеннен соң наўқастың денсаўлығы аўырласса, инсан ҳақыйқый қәнигени қалай табыў мүмкин екенлигине де гүманланады…

Бул жағдайлардың алдын алыў ушын Инстаграм платформасында профессионал аккаунтлар ушын өз алдына классификациялар, тастыйықлаў механизмлери күшейтилиўи мүмкин. Жалған контент ямаса жалған мағлыўмат тарқататуғын аккаунтлар ҳаққында пайдаланыўшылар хабар бериўи мүмкин болған ашық системалар және де қолайластырылыўы керек. Соның менен бирге, ғалаба хабар қураллары, билимлендириў мәкемелери ҳәм жуўапкер шөлкемлер тәрепинен мәлимлеме мәденияты бойынша мағлыўматлар берип барылыўы әҳмийетли.

Инстаграм бүгин ҳәр бир инсан ушын жаңа есиклерди ашпақта. Бирақ бул имканиятлар менен бирге жуўапкершилик те артпақта. Ҳәр бир қәниге өз тараўында ҳадал, ашық-айдын ҳәм әдеп-икрамлылық нормаларына сүйенип жумыс ислесе, социаллық тармақлар саламат бәсеки майданына айланады. Сонлықтан, тек ғана платформалар дәрежесинде емес, ал жәмийет дәрежесинде де мәлимлеме майданын саламатландырыў ушын руўхый ҳәм техникалық “фильтрлер”ди енгизиў әҳмийетли болып бармақта.

Дилдора ДЎСМАТОВА, ӨзАның хабаршысы