Иордания Патшасын салтанатлы күтип алыў мәресими болды

1307

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң мирәт етиўине бола Иордания Патшасы Абдулла II ибн ал-Ҳусайн мәмлекетлик сапары менен мәмлекетимизде болып турыпты.

Бүгин, 26-август күни Самарқанд қаласында сапардың тийкарғы илажлары Иордания басшысын рәсмий күтип алыў мәресиминен басланды.

Конгресс орайы имараты алдындағы майданда ҳүрметли қараўыл сап тартты. Өзбекстан Президенти жоқары мәртебели  мийманды қызғын күтип алып, минберге мирәт етти.

Әскерий оркестр еки мәмлекеттиң  мәмлекетлик гимнлерин атқарды.

Өзбекстан Президенти ҳәм Иордания Патшасы  ҳүрметли қараўылдың алдынан өтип, рәсмий делегация ағзаларын қутлықлады.







Қарақалпақстан хабар агентлиги