Вашингтонда нызамсыз мигрантларды қамаққа алыў он есеге көбейди

163

АҚШ Президенти Дональд Трамп тәрепинен енгизилген қалалардағы жынаятшылыққа қарсы гүресиў илажы шараятында пайтахт Вашингтон қаласында нызамсыз мигрантларды қамаққа алыў жағдайы он есеге артты. Бул ҳаққында CNN арнаўлы таллаўға сүенип хабар тарқатты.

– 7-августтан берли федерал агентлер Колумбия округинде нызамлы иммиграция статусына ийе болмаған 300 адамды қолға алды. Бул әдеттеги көрсеткиштен он есеге жоқары, – делинген телеканал хабарында.

Атап өтилиўинше, Трамп жаңа мүддетиниң дәслепки алты айында иммиграция хызмети хызметкерлери пайтахтта ҳәптесине орташа 12 мигрантты услаған.

Алдын жетекши федерал ҳәкимият уйымларының Вашингтонда жынаятшылыққа қарсы гүресиўге қаратылған бир қатар қарарларын жәриялаған. Соның ишинде, өз пәрманы менен қалалық полицияны тиккелей федерал ҳүкимет қадағалаўына өткерди. Буннан тысқары, пайтахтқа Миллий гвардияны жиберген ҳәм керек болса, қураллы күшлер де киргизилиўи менен қәўип салған.

Айырым ғалаба хабар қуралларында бундай ис-ҳәрекет жергиликли халықтың наразылығына себеп болып атырғаны айтылмақта.

Ҳақыйқатында да, 20-январь – инаугурация күни Дональд Трамп АҚШтың 47-президенти сыпатындағы биринши шығып сөйлеген сөзинде нызамсыз мигрантлардың Америка аймағына кирип келиўин жедел тоқтатыў, миллионлаған мигрантларды мәмлекеттен шығарып жибериў процесин баслаўға ўәде берген. Сондай-ақ, мәмлекеттиң қубла шегарасындағы жағдай мүнәсибети менен миллий айрықша жағдай жәриялаған.

С.Раҳимов, ӨзА