Қарақалпақстанда Японияның «YORI-I» жойбары өз жумысын баслады

92

Өзбекстан Саўда-санаат палатасы Қарақалпақстан Республикасы басқармасында Японияның «YORI-I» жойбарының ашылыў мәресими болып өтти.

Илажда Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы Фарҳод Эрманов, сондай-ақ, Японияның Ямагата университетиниң профессоры Онодера Тадаши қатнасты.

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2025-жыл 27-январьдағы ПП-10-санлы Пәрманында белгиленген тапсырмалардың орынланыўы шеңберинде «YORI-I» жойбары тийкарында жас исбилерменлерди қоллап-қуўатлаў, оларға менторлық көнликпелерин қәлиплестириў жумыслары жолға қойылды. Пәрманның 27-бәнти 1-бөлиминде атап өтилиўинше, 2025-жылдың ақырына шекем Японияның исбилерменлик бағдарындағы қәниге ҳәм профессорларының қатнасыўында 50 жас исбилермен ментор сыпатында таярланады.

Усы мақсетте, быйылғы жылдың июнь айында Япониядан қәнигелер келип, республиканың барлық аймақларынан 50 жас исбилермен таңлап алынды. Енди олар Ямагата университети тәрепинен 60 саатлық арнаўлы оқыў бағдарламасы тийкарында онлайн ҳәм офлайн тәризде билим алады. Бағдарлама 2025-2026-жыллар даўамында әмелге асырылады.

Бул басламаны әмелге асырыўда Бизнести раўажландырыў банки ҳәм Ямагата университети өз-ара бирге ислесиўди жолға қойды.

Ашылыў мәресиминде шығып сөйлеген Ф.Эрманов жойбар шөлкемлестириўшилери ҳәм қатнасыўшыларына табыслар тилеп, бул баслама Қарақалпақстан жаслары ушын жаңа имканиятлар ашатуғынын атап өтти.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги