Қытай Аўғанстан ҳәм Пакистан менен бирге ислесиў режесин мәлим етти

– Қытай, Аўғанстан ҳәм Пакистан бир-бири менен бирге ислесиўди, әсиресе, саўда ҳәм инвестициялық шерикликти раўажландырыўы керек, – деди ҚХР сыртқы ислер министри Ван И Қабулда үш мәмлекет сыртқы ислер министрлериниң ушырасыўы ўақтында. – Қәўипсизлик ҳәм ҳуқық-қорғаў тараўында үш тәреплеме бирге ислесиў механизмин жетилистириў, трансмиллий терроризмге қарсы гүресиўди күшейтиў зәрүр. Пекин, Қабул ҳәм Исламабад келисим тийкарында «экстремистлик ҳәрекет» белгисин ҳәм себебин де жоқ етиўи керек.
Рәсмий аўғанстанлы ҳәм пакистанлы кәсиплеслерин Қытай тәрепи жақсы қоңсышылық қатнасығы ҳәм өз-ара исеним принципин тереңлестириўге умтылатуғынын, сондай-ақ, ҳәр қандай сыртқы күшлердиң регион жумысына араласыўына қатаң қарсы туратуғынына исендирди.
С.Раҳимов, ӨзА