Россия рубли менен операция өткерген Қырғызстан банклери санкцияға ушырады

129

Россия рублинде операция өткериўге рухсат алған Қырғызстан банклери Батыс мәмлекетлериниң санкциялық басымына ушырады. Бул ҳаққында Президент Садир Жапаров “Кабар” агентлигине берген интервьюинде мәлим еткен.

Мәмлекет басшысының сөзлерине бола, қәўипти имканият дәрежесинде азайтыў ушын рәсмийлер бир мәкеме – мәмлекетке қараслы “Керемет” банки мысалында рубль арқалы есап-санақты орайластырыўға қарар етти.

– Мәмлекетте 21 банк жумыс алып бармақта, – деди Жапаров. – Жеке меншик банклер санкция тәсирине түсип қалыўының алдын алыў ушын Россия рубли менен тек ғана мәмлекетке қараслы “Керемет” банки ислейди, деген қарарға келдик. Ҳәр қандай операция мәмлекеттиң қадағалаўы астында әмелге асырылып, пайда бюджетке түседи.

С.Раҳимов, ӨзА