Өзбекстан Республикасы Ғәрезсизлигиниӊ отыз төрт жыллығы мүнәсибети менен илим, билимлендириў, денсаўлықты сақлаў, спорт, әдебият, мәденият ҳәм көркем өнер тараўлары ҳәм ғалаба хабар қураллары хызметкерлеринен бир топарын сыйлықлаў ҳаққында

Өзбекстан Республикасы Президентиниӊ пәрманы
Ўатанымыз ғәрезсизлигин беккемлеў, Жаңа Өзбекстанды қурыў жолында әмелге асырылып атырған реформаларға қосқан мүнәсип үлеси, өзиниң жарқын таланты, кең көлемли илимий-дөретиўшилик ҳәм әмелий жумысы менен халқымыздың интеллектуаллық потенциалын ҳәм мәнаўиятын арттырыў, елимизде илим, билимлендириў, денсаўлықты сақлаў, спорт, әдебият, мәденият ҳәм көркем өнер тараўлары, ғалаба хабар қуралларын раўажландырыў, жас әўладты ана ўатанға муҳаббат, улыўмаинсаныйлық қәдириятларға ҳүрмет руўхында саламат ҳәм бәркамал етип тәрбиялаў жолындағы көп жыллық нәтийжели хызметлери және жәмиетлик турмыста белсене қатнасқаны ушын төмендегилер ҳүрметли атақ, орден ҳәм медал лар менен сыйлықлансын:
Қарақалпақстан Республикасы бойынша:
«Өзбекстан Республикасы халық художниги» ҳүрметли атағы менен
Байбосинов Сарсенбай Базарбаевич – Ж.Изентаев атындағы Қарақалпақстан Республикасы қәнигелестирилген көркем өнер мектеп-интернатыныӊ реӊли сүўретлеў пәни оқытыўшысы
«Өзбекстан Республикасы халық шайыры» ҳүрметли атағы менен
Генжемуратов Бахтияр Алламбергенович – Өзбекстан Жазыўшылар аўқамыныӊ ағзасы, шайыр, дилмаш
“Дўстлик” ордени менен
Арзуова Набийра – Өзбекстан Жазыўшылар аўқамының ағзасы, шайыр.
Қудаиназаров Амангелди Айдарбекович – Қарақалпақ мәмлекетлик жас тамашагөйлер театрының сахналастырыўшы режиссёры
“Келажак бунёдкори” медалы менен
Сарсенбаева Инкар Алпысбаевна – Қарақалпақ мәмлекетлик жас тамашагөйлер театры актрисасы
Өзбекстан Республикасы
Президент Ш.МИРЗИЁЕВ
Ташкент қаласы,
2025-жыл 23-август