Өзбекстан СИМ басшысы Россия Сыртқы ислер министри Сергей Лавров пенен телефон арқалы сөйлести

146

Бул ҳаққында Бахтияр Саидов өзиниң telegram каналында мәлим етти.

– Россия Федерациясы сыртқы ислер министри Е.П.Сергей Лавров пенен телефон арқалы сөйлесиў болып өтти.

Өзбекстан ҳәм Россия арасындағы стратегиялық шериклик ҳәм аўқамласлық қатнасықларын және де беккемлеў, сондай-ақ, Президентлеримиз тәрепинен ерисилген барлық келисимлерди өз ўақтында әмелге асырыў мәселелери додаланды.

Сондай-ақ, болажақ еки тәреплеме илажлар, регионымызда исеним ҳәм бирге ислесиўди беккемлеўге қаратылған халықаралық ҳәм регионаллық майданлардағы биргеликтеги ҳәрекетлер көрип шығылды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги