Кадастр: ҳәр бир хызметкер менен сәўбетлесиў өткерилди

Кадастр хызметлерин көрсетиў ҳәм Өзбекстан Республикасының 937-санлы нызамына тийкарланып хатлаў жумысларында тараў қәнигелериниң коррупциялық жағдайларды болдырмаў, хатлаў даўамында дәмегөйлик ҳәм лаўазымнан пайдаланыўдың алдын алыў мақсетинде Мәмлекетлик касдастрлар палатасы Қарақалпақстан Республикасы басқармасы баслығы С.Урунбоев қалалық ҳәм районлық филиалларда болып, тараў хызметкерлери арасында коррупцияның ақыбетлери ҳәм оның алдын алыў бойынша ушырасыўлар өткерди.
Профилактикалық ушырасыўлар даўамында ҳәм бир қәнигени «ҳадаллық вакцинасы» менен емленип, халыққа хызмет көрсетиўде ҳадал ҳәм хызмет ўазыйпасын өз ўақтында сапалы орынлаўға шақырды. Сондай-ақ, ҳәр бир қәниге менен бирме-бир сәўбет өткерилип, олардың жумыс шараяты менен танысып, коррупция иллетине мейиллиги ҳәм оны келтирип шығарыўы мүмкин болған себеплери үйренилди.

– Өткерилген ушырасыўларда хатлаў даўамында қәнигелерди қыйнап атырған машқалалар ҳәм бул бағдардағы жумысларды жеделлестириў бойынша пикир алысып, хатлаўда тиккелей жуўапкер болған кадастр инженерлерине ҳәр айда хатлаўда толық жуўмақланыўы керек болған объектлер бойынша ўазыйпалар белгиленди,-дейди басқарманың Инсан ресурларын басқарыў бөлиминиң баслығы Е.Палманов.
Бундай ушырасыўлар алдағы ўақытларда жас кадрлардың хадал жумыс алып барыўына, өз жумысына деген пидайлығы және мәҳәллелерде алып барылып атырған хатлаў жумысларының ис нәтийжелигин арттырыўға үлкен түртки болары анық.
Қарақалпақстан хабар агентлиги