Түркменстан баспасөзи Өзбекстанның басламаларына итибар қаратты

“Turkmenportal” басылымында “Өзбекстан Түркменстан ҳәм Қазақстанныӊ қатнасыўында туристлик шеңбер жаратыўды усыныс етпекте” атамасында мақала жәрияланды.
– Өзбекстан бир ўақыттың өзинде регионның бир неше мәмлекетине барыў тилегинде болған сырт елли туристлерди тартыў ушын Орайлық Азияның үш мәмлекетин бирлестиретуғын жаңа туристлик айланба жаратыўды усыныс етти,-делинеди мақалада. – Өзбекстан Республикасы Президентиниң “2025-2026-жылларда туристлер ағымын кескин көбейтиў ҳәм туристлик хызмет көлемин жедел кеңейтиў арқалы туризмниң экономикадағы орны ҳәм әҳмийетин арттырыў илажлары ҳаққында”ғы Пәрманында трансшегаралық биргеликтеги туристлик маршрутларды кеңейтиў мақсетинде “Түркменстан – Хорезм – Қарақалпақстан – Қазақстан” жөнелисинде туристлик коридор-айланба жол жаратыў белгиленген.
Ҳәзирги ўақытта Түркменстан ҳәм Қазақстанның туризм департаменти ҳәм компаниялары менен биргеликте бул баслама ислеп шығылмақта.
Бағдарлар тармағына ЮНЕСКО Дүнья жүзилик мийрасы объектлери статусына ийе 16 және миллий ҳәм регионаллық әҳмийетке ийе объектлер киреди.
Түркменстанның Әййемги Мары қаласы, “Дәрўаза” газ кратери, Гөне Үргенш мәнзиллери, Хорезмдеги Ийшан қала, Дийшан қала, Қарақалпақстандағы И.В.Савицкий музейи, Қызыл қала, Шылпық қала, Топырақ қала, Аяз қала, Султан Уайыс баба зыярат етиў орны, Қазақстанның Тарыш ойпатлығы, Бозжыра ойпатлығы, Шақпақ ата мақбарасы, Шерқала таўы усылардың қатарына киреди.
Бул айланба жол тек ғана саяхат ықласбентлери емес, ал мәденият, тарийх, көркем өнер ҳәм тәбиятты сүйетуғынлар ушын да ҳақыйқый ашықлық болыўы мүмкин.
Бул аймақлар раўажланған этнотуризм системасы, өнерментшилик, гастрономиялық дәстүр ҳәм ҳәр қыйлы тәбийғый ландшафт – шөл ҳәм далаңлықтан баслап таў дизбеги ҳәм дәрьялар сыпатында белгили.
Туристлер ҳәм туристлик шөлкемлерге усы жөнелис бойынша өз бетинше ямаса туристлик топарлар қурамында бийтәкирар ўақыяға бай саяхат шөлкемлестириў усыныс етиледи.
Муҳаррама Пирматова, ӨзА