Исбилерменлер хошаметленеди – Президент пәрманы

«Өзбекстан Республикасы Президентиниң исбилерменлер менен V ашықтан-ашық сөйлесиўинде белгиленген ўазыйпаларды әмелге асырыў илажлары ҳаққында»ғы Президент пәрманына муўапық, 2026-жыл 1-январьдан айланыстан алынатуғын салық төлеминен биринши мәрте ҚҚС төлемине өткен исбилерменлерге төмендеги хошаметлеў илажлары қолланылады:
– 1 жыл даўамында пайда салығын төлеўден азат етиў;
– 1 жыл даўмаында ҚҚС төлеўшиси сыпатында салық уйымларында есапқа қойыў тәртибин бузғаны ушын қаржылай жәрийма қолланбаў;
– 6 ай даўамында бухгалтерия хызметлери қәрежетлериниң ҳәр айда мийнетке ҳақы төлеў ең аз муғдарының 3,5 есесинен артпаған бөлегин төлеп атырған салық төлемлери есабынан алып таслаў.
2026-жыл 1-январьдан салық миннетлемелерин орынлаўдың төмендеги проактив тәртиби енгизиледи:
– юридикалық тәреплерден алынатуғын мүл салығы ҳәм жер салығы, физикалық тәреплерден алынатуғын дәрамат салығы ҳәм социаллық салық бойынша салық есабатларын қәлиплестириў ўазыйпасы салық уйымларына өткериледи ҳәм бул миннетлеме салық төлеўшилер ушын бийкар етиледи;
– салық уйымлары тәрепинен қәлиплестирилген салық есабатларына салық төлеўши тәрепинен 5 жумыс күнинде зәрүр дүзетиўлерди киргизиў ҳәм дүзетиў киргизилген салық есабатын усыныс етиў ҳуқықы бериледи.
Қарақалпақстан хабар агентлиги