Халықаралық заманагөй көркем өнер биенналесин жоқары дәрежеде өткериў илажлары ҳаққында

Өзбекстан Республикасы Президентиниң қ а р а р ы
Өзбекстанның дүнья мәдений картасындағы абырайын арттырыў, заманагөй көркем өнер, тарийхый мийрас, креатив экономика ҳәм туризмниң үйлесимлилигин тәмийинлеў арқалы мәмлекеттиң социаллық-экономикалық раўажланыўына үлес қосыў, сондай-ақ, ЮНЕСКОның Дүнья жүзилик мийрасы дизимине ҳәм “Дөретиўши қалалар тармағы” бағдарламасына кирген, әсирлер даўамында илим, архитектура, өнерментшилик ҳәм көркем өнер орайы болып киятырған ески Бухара қаласының орны ҳәм әҳмийетин буннан былай да арттырыў мақсетинде қарар етемен:
- 2025-жылдан баслап ҳәр еки жылда бир мәрте сентябрь-ноябрь айларында Бухара қаласында халықаралық заманагөй көркем өнер биенналеси (кейинги орынларда – Биеннале) өткерип барылсын.
Биринши Биеннале 2025-жыл 5-сентябрь – 20-ноябрь күнлери жоқары дәрежеде өткерилсин.
- Төмендегилер Биенналениң тийкарғы мақсетлери етип белгиленсин:
а) мәмлекетимизде заманагөй ҳәм әмелий көркем өнер, өнерментшиликти қоллап-қуўатлаў ҳәм глобал мәдений мәканға интеграциялаў;
б) креатив индустрияда билимлендириў, изертлеў ҳәм кәсиплик шеберликти раўажландырыў, елимиз ўәкиллериниң дүньяға белгили уста-дөретиўшилер менен бирге ислесиўин жолға қойыў арқалы халықаралық дәрежеге алып шығыў;
в) елимиздиң туристлик тартымлылығын арттырыў, мәдений мийрас объектлерин көркем өнер көргизбеси майданларына айландырыў, турақлы түрде қайтадан барыўға болған қызығыўшылықты қәлиплестириў.
Халықаралық заманагөй көркем өнер биенналесине таярлық көриў ҳәм оны өткериў бойынша шөлкемлестириў комитети (кейинги орынларда – Шөлкемлестириў комитети) дүзилсин, сондай-ақ, оның қурамы ҳәм тийкарғы ўазыйпалары 1- ҳәм 2-қосымшаларға муўапық тастыйықлансын.
Мәденият ҳәм көркем өнерди раўажландырыў қоры (кейинги орынларда – Қор) Шөлкемлестириў комитетин жумысшы уйымы есапланатуғыны белгиленсин.
- Биринши Биеннале шеңберинде төмендегилер әмелге асырылатуғыны белгиленсин:
а) Биеннале өткерилетуғын 14 мәдений мийрас объектин көргизбе ҳәм илажлар, билимлендириў ҳәм изертлеў, дөретиўшилик ҳәм өндирис процесслери үйлескен креатив кластерге айландырыў;
б) дүньяға белгили уста-дөретиўшилер тәрепинен 60 тан аслам арт-объект, соның ишинде, инсталляцияларды жаратыў, олардан Биеннале өткерилетуғын орынды көркемлеп безеўде пайдаланыў ҳәм олардың ең мүнәсиплерин дүнья бойлап көргизбелерде көрсетиў;
в) дүньяға белгили дөретиўши, қәниге ҳәм аспазлардың қатнасыўында кең жәмийетшилик ушын 10 ҳәптелик илимий-ағартыўшылық, мәдений-кеўилашар, туристлик ҳәм гастрономиялық бағдарламаларды шөлкемлестириў;
г) биринши Биенналениң арнаўлы каталоги ҳәм өзбек миллий тағамлары рецептлер китап-альбомын басып шығарыў, олардан халықаралық көлемдеги үгит-нәсиятлаў қуралы ҳәм саўғалар топламы сыпатында кеңнен пайдаланыў;
д) Бухара Биенналеси ҳаққында ҳүжжетли фильм жаратыў, сондай-ақ, оннан пайдаланып мәмлекетимиздиң туристлик потенциалын үгит-нәсиятлаў;
ж) арнаўлы билимлендириў бағдарламасы тийкарында халықаралық дәрежедеги кураторларды таярлаў ҳәм олардың дүньяның жетекши көркем өнер майданларында Өзбекстанның атынан қатнасыўын тәмийинлеў;
з) 30 дан аслам халықаралық эксперт, куратор ҳәм көркем өнертаныўшылардың қатнасыўында халықаралық академиялық симпозиумды өткериў.
- Төмендегилер:
а) Халықаралық заманагөй көркем өнер биенналеси өткерилетуғын материаллық мәдений мийрас объектлериниң (кейинги орынларда – Биеннале объектлери) дизими 3-қосымшаға муўапық;
б) Халықаралық заманагөй көркем өнер биенналесине таярлық көриў ҳәм оны өткериўге байланыслы қәрежетлерди қаржыландырыў дәреклери 4-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.
- Биеннале объектлеринде:
а) жойбарластырыў ҳәм сақлаўға байланыслы жумыслар бойынша Мәдений мийрас агентлиги буйыртпашы есапланады;
б) сырт елли белгили қәнигелер менен биргеликте өз алдына концепция ҳәм дизайн тийкарында объектлерди көркем жақтыландырыў ҳәм сақлаўға байланыслы жумысларды шөлкемлестириў, инфраструктураларын жақсылаў, сондай-ақ, Сүўретлеў көркем өнери музейиниң жаңа экспозициясын жаратыў илажлары көриледи;
Биеннале шеңберинде 2025-жыл 31-декабрьге шекем Қор ҳәм Мәдений мийрас агентлиги тәрепинен қәлиплестирилетуғын дизимлер тийкарында ҳәм олар белгилеген субъектлер тәрепинен импорт етилетуғын техника, үскене, әсбап-үскене, көркем өнер дөретпелери ҳәм олардың бөлеклери, буйымлар ҳәм басқа да товарлар бажыхана бажысынан азат етилетуғыны белгиленсин.
Министрлер Кабинети үш күн мүддетте биринши Биенналеға таярлық көриў ҳәм оны өткериў бойынша илажлар режеси, қаржыландырыў дәреклерин көрсеткен ҳалда қәрежетлер сметасын тастыйықласын.
- Өзбекстан Республикасы Президентиниң айырым қарарларына 5-қосымшаға муўапық өзгерислер ҳәм қосымша киргизилсин.
Усы қарардың орынланыўын нәтийжели шөлкемлестириўге жуўапкер ҳәм жеке жуўапкер етип Мәденият ҳәм көркем өнерди раўажландырыў қорының баслығы Г.О.Умерова ҳәм Бухара ўәлаятының ҳәкими Б.К.Зарипов белгиленсин.
Қарардың орынланыўын додалап барыў, орынлаў ушын жуўапкер шөлкемлердиң жумысын муўапықластырыў ҳәм қадағалаў Өзбекстан Республикасының Бас министри А.Н.Ариповқа жүкленсин.
Өзбекстан Республикасы
Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ
Ташкент қаласы,
2025-жыл 21- август