Жолшылар да улыўма халықлық шембиликте белсендилик көрсетти

102

Елимиз бойлап Өзбекстан Республикасы Ғәрезсизлигиниң 34 жыллығы мүнәсибети менен 22-23-август күнлери «Абат ҳәм пайызлы мәҳәлле – елимиз көрки» сүрени астында улыўмахалықлық қайырқомлық шембилигин өткериў жәрияланған еди.
Усы ийгиликли илаж шеңберинде мәмлекетимиздиң барлық аймақларында абаданластырыў ҳәм көклемзарластырыў жумыслары әмелге асырылмақта. Бул ҳәрекетлер елимиздеги мәҳәллелерди және де гөззал, таза ҳәм абадан етиў, халық ушын мүнәсип турмыс шараятларын жаратыўға қаратылған.


Қарақалпақстан Республикасы Автомобиль жоллары бас басқармасы жәмәәти де усы шембиликте белсене қатнаспақта. Хызметкерлер тәрепинен мәкеме имараты әтирапын шығындылардан тазалаў, көшелерди тәртипке келтириў, гүл ҳәм терек нәллерин егиў, бар жасыл аймақларды тәрбиялаў жумыслары алып барылды.
Бундай қайырлы ҳәм ийгиликли илажлар арқалы елимиздеги ҳәр бир мәҳәлле және де абат, абадан ҳәм берекетли орынға айланатуғыны сөзсиз.

Қарақалпақстан хабар агентлиги