Аўызбиршилик ҳәм мийрим-шәпәәт үлгилери көрсетилди

Халқымызда әсирлер даўамында өз мазмун-мәнисин жоғалтпаған ибратлы қәдириятлар бар. Аўызбиршилик, өз-ара мийрим-шәпәәт, сақаўат, басқалардың аўырын жеңил етиў сыяқлы ийгиликли түсиниклерди өзинде жәмлеген шембилик мине, усындай миллий қәдириятлардан бири болып есапланады.

Елимизде ең уллы ҳәм ең әзиз әййям – Ғәрезсизлик байрамы алдында улыўмахалықлық қайырқомлық шембилигин шөлкемлескенлик пенен өткериў жақсы дәстүрге айланып үлгерди.

Усы жылы да 22-23-август күнлери «Абат ҳәм пайызлы мәҳәлле – елимиз көрки» сүрени астында республикамыз бойлап улыўмахалықлық қайырқомлық шембилиги өткерилмекте. Бул процессте жумысшы топардың қурамы тастыйықланып, барлық уйым ҳәм шөлкемлер, халық ҳәм мәҳәлле белсендилери кеңнен қатнаспақта.
Қарақалпақстан Республикасы Қурылыс ҳәм турақ жай коммунал хожалығы министрлигиниң хызметкерлери де бул шембиликте белсене қатнасты. Мәкеме әтирапы, көшелер шырайлы түрде тазаланды, көклемзарластырыў ҳәм абаданластырыў жумыслары алып барылды. Сондай-ақ, елатлы пунктлерде санитариялық-гигиеналық талапларға әмел етилди.
Бундай кең көлемли қайырлы ислер мәҳәллелеримиздиң және де абат ҳәм берекетли болыўына хызмет етеди. Ең әҳмийетлиси, бул процесс халқымызда миллий қәдириятларды қәстерлеп-сақлаў, аўызбиршилик ҳәм мийрим-шәпәәт сезимлерин және де беккемлейди.

Азизбек Дабылов,
Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы
Автордың түсирген сүўретлери