Халықаралық дайджест (+видео)

Польшаның Осина аўылындағы атызлыққа 20-августқа өтетуғын түнде Россия дроны қулады ҳәм жарылды. Жарылыў жүз берген аймақ Украина менен шегарадан шама менен 100 километр ҳәм Беларус пенен шегарадан 90 километр узақлықта жайласқан.
АҚШтың Род-Айленд штатында дерлик 40 жыл судьялық еткен ҳәм Caught in Providence (Провиденте қамаққа алынғанлар) көрсетиўи арқалы дүньяға белгили болған судья Френк Каприо 88 жасында қайтыс болды. Бул ҳаққында CNN хабар берди. Оның социаллық тармақтағы рәсмий бетлеринде жазылыўынша, Каприо асқазан асты бези рак кеселлигине қарсы узақ ҳәм мәртлерше гүресиўден соң қайтыс болған. Бул мазмундағы постлар интернетте 20-август күни жәрияланған. Ол өткен ҳәптеде Facebookқа қысқа видео жайластырып, өзин бираз жаман сезип атырғаны ҳәм емлеўханаға жатқарылғанын билдирип, адамлардан оның ҳақы ушын дуўа етиўин сораған еди.
Нигерияда соңғы күнлерде күшли жаўын ақыбетинде жүзеге келген суў тасқыны кеминде 47 адамның өмирине зыян жеткерди, 56 мыңнан аслам адам болса баспанасыз қалды. Бул ҳаққында жергиликли басылымларға сүйенип, Anadolu хабар берди. Рәсмий мағлыўматларға бола, суў тасқыны 339 мәҳәлле ҳәм аўылдағы 7754 шаңараққа зыян жеткерген. 30 адам үй төбесиниң басып қалыўы ақыбетинде, және 17 адам болса суўға шөгип, қайтыс болған. Буннан тысқары, 70 адам жарақатланған, 257 бас қарамал набыт болған.
АҚШ президенти Дональд Трамп ҳәкимшилиги Халықаралық жынаят судына (ХЖС) басымды күшейтпекте. Атап айтқанда, Мәмлекетлик департамент 20-август күни судтың 2 судья ҳәм 2 прокурорына қарсы санкциялар енгизгенин мәлим етти. Бул ҳаққында The Guardian хабар берди. Атап өтилиўинше, олар америкалылар ҳәм израильлыларға қарсы тергеў ҳәм жынаят иси ашыў процесслерине белсене қатнасқанлықта айыпланбақта. Санкциялар шеңберинде суд ҳәмелдарлары АҚШ аймағындағы активлеринен айырылған. ХЖС бул қарарды “суд еркинлигине ашық ҳүжим” деп қараламақта. Сол пайытта БМШ та Қурама Штатлардың бул ҳәрекетлеринен қәўетер билдирген. Израиль болса бул қарарды қоллап-қуўатламақта.
Уллы Британияда 18 жасар қыз тышқанларды “сүўретши”ге айландырып, олардың сүўретлерин сатыў арқалы дәрамат таппақта. Бул ҳаққында The Sun хабар берди.
Элла Вудланд тышқанлар дөреткен ҳәр бир шығармадан 500 фунт стерлингге шекем (шама менен 672 доллар) пайда көреди. Кемириўшилерден “дөретиўши” сыпатында пайдаланыў идеясы оған 2025-жылдың февраль айында келген. Қыз сегиз үй ҳайўаны – Гублер, Румпел, Рид, Хотч, Морган, Люк, Росси ҳәм Гидеонды акварель ҳәм бояўлар жағылган холстлар үстинде жуўыртып, абстракт сүўретлер алыўға кирискен. Вудланд бул мини-шығармаларды онлайн саўдаға қойған.
Ирода Жўраева, Улуғбек Тўхтаев, ӨзА