Сыртқы ислер министрлиги: 30-июльдан 30-августқа шекем “Ўатанға қайтарыў” гуманитарлық акциясы өткерилмекте

138

Мәмлекетимизде миграция процесслерин дурыс бағдарлаў ҳәм нәтийжели басқарыў мәмлекетимиз сиясатында тийкарғы ўазыйпалардан бири есапланады. Бул бағдарда халық ушын қолайлы ҳуқықый ҳәм социаллық шараятлар жаратыў, мийнет мигрантларының ҳуқықларын қорғаў, оларды сырт елде мүнәсип жумыс пенен тәмийинлеў және қайтып келген пуқараларды жумысқа жайластырыў бойынша системалы жумыслар әмелге асырылмақта.

Соның менен бирге, халықаралық шөлкемлер менен биргеликте миграция процесслерин тәртипке салыў, маман кадрлар таярлаў ҳәм халықты нызамлы миграция имканиятлары ҳаққында хабардар етиў нәтийжесинде елимизде бул тараўдың заманагөй системасы қәлиплестирилмекте.

Хош, бул бағдарда Сыртқы ислер министрлиги тәрепинен қандай жумыслар алып барылмақта? Бул сораў бойынша министрликтиң баспасөз хаткери Аҳрор Бурхонов ӨзАның хабаршысына интервью берди:

– “Паспорт Өзбекстан Республикасы мүлки есапланады. Бул паспорттың ийеси Өзбектан Республикасы қорғаўында болып есапланады”.

Сондай-ақ, түрли себеплерге бола сырт елде болып турған ўатанласларымызды қоллап-қуўатлаў, олардың нызамлы ҳуқықлары менен мәплерин ҳәр тәреплеме қорғаў айрықша итибарда.

Өзбекстан Президентиниң “Сырт елде мийнет етиўди әмелге асырыў процесслерин тәртипке салыў бойынша қосымша илажлар ҳаққында”ғы қарарына муўапық, Сыртқы ислер министрлиги жуўапкер уйымлар менен биргеликте пуқараларымыздың сырт елде мийнет етиўи ушын мүнәсип шараятлар ҳәм имканиятларды кеңейтиў мақсетинде халықаралық бирге ислесиўди жедел раўажландырмақта.

Бул бағдарда мәмлекетимиздиң сырт елдеги дипломатиялық ўәкилханалары ўатанласларымызды жумыс пенен тәмийинлеў ушын жаңа бағдарларды табыў бойынша системалы жумыслар алып бармақта. Соның ишинде, жумыс бериўшилер ҳәм жергиликли ҳәкимият ўәкиллери менен турақлы түрде нәтийжели сөйлесиўлер өткерилмекте, халықаралық мийнет базары турақлы талланып, пуқараларымыз бенен орнатылған байланыслар турақлы кеңеймекте.

Консуллық хызметлер шеңберинде ўатанласларымыздың зәрүр ҳүжжетлери жеделлик пенен рәсмийлестирилмекте, олардың ҳуқықлары қорғалмақта ҳәм жүзеге келетуғын машқалалар қабыл етиўши мәмлекетиниң тийисли уйымлары менен биргеликте имканы болғанынша жеделлик пенен шешилмекте. Бул болса миграция процесиниң және де қәўипсиз ҳәм тәртипли болыўын тәмийинлейди.

Усы жерде, айырым санларға тоқтап өтемиз. Бүгинги күнде Өзбекстан халқының дерлик 60 процентин мийнетке жарамлы жастағылар қурайды. Бул үлкен жумысшы күши мәмлекет экономикасы ушын әҳмийетли ресурс, сондай-ақ, халықаралық мийнет базары ушын да үлкен потенциал болып есапланады. Жоқары демографиялық өсимди есапқа алған ҳалда, мийнет миграциясы бағдарламаларын раўажландырыў халықтың бәнтлиги ҳәм дәраматлары дәрежесин арттырыўдың тийкарғы бағдарларынан бирине айланбақта.

Өткен алты айда потенциалы жоқары сырт ел жумыс бериўшилери, рекрутинг агентликлери ҳәм исбилермен топарлардың ўәкиллери менен 366 дан аслам сөйлесиўлер өткерилип, пуқараларымыз ушын 97 мыңнан аслам жаңа жумыс орынлары жаратылды. Буннан тысқары, мәмлекетимизге 53 тен аслам сырт ел компаниясы ўәкиллериниң келгенлиги Өзбекстан менен бирге ислесиўге қызығыўшылық артып атырғанынан дәрек береди.

Сырт еллердиң ўәкилликли уйымлары ҳәм шөлкемлери менен 80 нен аслам ушырасыўлар шөлкемлестирилди. Сырт елде мийнет етип атырған ўатанласлар менен 50 ден аслам дөгерек сәўбетлери өткерилди.

Мийнет миграциясын ҳуқықый тәртипке салыў мақсетинде 22 ҳүкиметлераралық келисим жойбарлары таярланды. Атап айтқанда, Кувейт, Франция ҳәм Италия менен 3 келисимге қол қойылды ҳәм олар толық күшке кирди. Сондай-ақ, 13 келисим сырт ел тәреплери менен келисиў ушын жиберилген.

Мийнет миграциясы тараўындағы бирге ислесиў географиясы кеңейип бармақта. Бурын Өзбекстан пуқараларын жумыс пенен тәмийинлеўдиң тийкарғы бағдарлары Россия, Қубла Корея ҳәм Германия болған болса, ҳәзирги ўақытта олардың қатарына Австрия, Уллы Британия, Араб қолтығы мәмлекетлери, Польша, Франция, Италия ҳәм басқа да раўажланған мәмлекетлердиң перспективалы мийнет базарлары қосылды.

Соның менен бирге, Сыртқы ислер министрлиги сырт елдеги ўатанласларымызды қәўипсиз ҳәм нызамлы жумысқа жайластырыў ушын қолайлы имканиятлар жаратып, олардың ҳуқықлары менен мәплериниң қорғалыўын беккем тәмийинлеп келмекте. Бирақ бул процесс еки тәреплеме, яғный мәмлекет тәрепинен қоллап-қуўатлаў менен бирге, ҳәр бир ўатанласымыздың жеке жуўапкершилиги де үлкен әҳмийетке ийе. Ҳәр қыйлы себеплерге бола сырт елде қыйын жағдайға түсип қалған ўатанласларымыз да бар ҳәм мәмлекетимиз тәрепинен 30-июльден 30-августқа шекем “Ўатанға қайтарыў” гуманитарлық акциясы өткерилип, оның шеңберинде АҚШ, Россия, Түркия, Польша ҳәм басқа да мәмлекетлерден жүзлеген пуқаралар Өзбекстанға қайтарылмақта.

Дүньяның қайсы мүйешинде болыўына қарамастан, Өзбекстанның ҳәр бир пуқарасы мәмлекеттиң итибарында. Солай екен, усы елдиң перзенти, пуқарасы сыпатында биз де умытпайық: сырт елде болып атырған ҳәр бир пуқараның ис-ҳәрекети тиккелей елимиздиң улыўма келбетине тәсир етеди. Себеби, ҳәр биримиз Өзбекстанның бир ўәкилимиз ҳәм соған мүнәсип болайық!

ӨзА хабаршысы

Насиба Зиёдуллаева жазып алды.