Пайтахтымыз келбети және де гөззал түрге енеди

149

Қарақалпақстанда исбилерменликти раўажландырыў, инвестициялық орталықты жақсылаў ҳәм халықтың турмыс дәрежесин арттырыўға қаратылған ири реформалар избе-из әмелге асырылмақта. Мәмлекетимиз басшысының Қарақалпақстан Республикасында исбилерменликти және де қоллап-қуўатлаўға байланыслы пәрманы тийкарында Нөкис қаласы орайында үлкен инвестициялық жойбарға старт берилген.

Жойбар шеңберинде улыўма 78 миллион АҚШ доллары инвестиция қаржылары есабынан заманагөй архитектуралық талапларға жуўап беретуғын бес жулдызлы мийманхана ҳәм конгресс-холл комплекси қурылмақта. Сондай-ақ, 22 қабатлы еки турақ жай имараты ҳәм көп тармақлы саўда комплексиниң қурылысы да режелестирилген.

Ҳәзирги ўақытта қурылыс жумыслары жедел пәтлерде алып барылмақта. Жойбар қала инфраструктурасын жаңалаў, туристлик потенциалды арттырыў, жаңа жумыс орынларын жаратыў ҳәм жергиликли бизнестиң раўажланыўына үлкен түртки бериўи күтилмекте.

Бул комплекс Қарақалпақстанның социаллық-экономикалық раўажланыўында жаңа басқышты баслап беретуғыны сөзсиз.

 

Азизбек Дабылов.

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы

Автордың түсирген сүўретлери