Оқыў имараты әтирапы абаданластырылып, тазаланбақта

Халқымызда әзелден шембилик тек ғана биргеликте мийнет етиў емес, ал аўызбиршилик, мийрим-шәпәәт сыяқлы ийгиликли қәдириятларды беккемлеўдиң үлгиси болып келген. Бүгинги күнде де бул дәстүр заман менен үнлес ҳалда және де байып, миллий қәдириятларымыздың ажыралмас бөлегине айланған.
Илимий изертлеўлер соны көрсетеди, қоршаған орталықтың тазалығы инсан саламатлығы менен тиккелей байланыслы. Таза ҳаўа, таза көшелер ҳәм жасыл аймақлар дем алыў жоллари кеселликлериниң алдын алыўға, руўхый саламатлықты беккемлеўге, инфекциялық кеселликлердиң тарқалыўын шеклеўге, жүрек-қан тамыр системасына унамлы тәсир көрсетиўге хызмет етеди.
Соның ушын абаданластырыў ҳәм көклемзарластырыў жумыслары тек ғана аймағымыздың шырайын ашып ғана қоймастан, ал саламат турмыс тәризиниң тийкарғы кепилликлеринен бири болып есапланады.




Усы мақсетте, бүгин Қарақалпақстан медицина институты жәмәәти де “Абат ҳәм пайызлы мәҳәлле – елимиз көрки” сүрени астында шембилик илажларында белсене қатнасты. Институттың бас имараты ҳәм аймағында кең көлемли абаданластырыў жумыслары алып барылып, тереклерге форма бериў, жол шетлери ҳәм тосықларды ҳәклеў, көклемзарластырыў жумыслары әмелге асырылды. Бул жумыслар және де даўам етеди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги