Қурбанбай жыраў изинен… (төрткүлдеги жүрекке жақын ушырасыў)

1955-жылы белгили илимпаз Қабыл Мақсетов Москвадағы Шығысты изертлеў институтының аспиранты болып жүргенинде халық жыраўы Қурбанбай Тәжибаев пенен көрисиў ҳәм оннан «Қырқ қыз» қаҳарманлық эпосын жазып алыў мақсетинде Төрткүл районына келеди. Бирақ, «Қырқ қыз» дәстанын алдын С.Мәўленов, Ш.Хожаниязов ҳәм А.Бегимовлар жазып алғанлықтан Қурбанбай жыраў оны қайта айтып бериўди мақул көрмейди. Сонлықтан, Қ.Мақсетов «Қаншайым» эпосын қағазға түсиреди. Бир елден екинши елге барыў бираз қурамалы, имканиятлар шекленген болыўына қарамастан, профессор Қ.Мақсетов бул ийгиликли исти әмелге асырыўға ерискен еди. Ал, ҳәзирги күнде елимизде бир жерге бараман, ушырасаман, изленемен, үйренемен деген инсанға шараятлар жеткиликли. Алысымызды жақын етиўши автомабиллер ҳәр саат сайын бир районнан екинши районға қатнап, адамларды ҳәм пикирлерди жақынластырмақта. Усындай бир ўақытта, илимий темамның тийкарғы объекти болған қарақалпақ халық жыраўы, 20 дан аслам дәстанды бизге мийрас қалдырған Қурбанбай Тәжибаевтың излери бар, балалығы өткен журтты көриўим керек, оның муқаддес қәбирин зыяратлап, урпақлары менен сәўбетлесиўим тийис деген ойлар, нийетлер кеўлимнен өтти…
Қурбанбай Тәжибаев 1876-жылы Қарақалпақстанның ҳәзирги Төрткүл районының Шорахан участкасында туўылған. Урыўы – қарамаңғыт. Ол аўылындағы моллаға қатнап, хат таныйтуғын дәрежеге жетеди. Балалығы жүдә аўыр ҳәм машақатлы өткен. Сонлықтан, жас ўақтынан баслап мал бағып күн кеширген. Бирақ, өзинде жыраўшылық өнерге уқыбы ҳәм қәбилети бар екенлигин сезгенликтен, халыққа танылған жыраў болып жетилисиўди алдына мақсети етип қояды. Мудамы қойдың кейнинде жүриў Қурбанбай жыраўды зериктиргенлиги соншелли оны шопанлық кәсибиниң сырлары емес, ал, қобыздың, дуўтардың сести қызықтырған. Халық қосықларына, дәстанларына, сазға, көркем сөзге деген қызығыўшылығы шексиз болған Қурбанбай жыраў Төрткүлдеги Жийемурат жыраўға, Бухарадағы Халмурат жыраўға, Қоңыраттағы Нурабылла жыраўға шәкирт түседи. Узақ жыллар даўам еткен шәкиртликтиң нәтийжесинде ол устазларының бай репертуарын, дәстан, терме, толғаўларды атқарыў шеберлигин пухта үйренип алады.
16-август, 2025-жыл. Бул күн мен ушын умытылмас ўақыяға толы болды. Аты тарийхтың алтын бетлерине мөрленген, ўатанласларымыздың ҳүрметине миясар болған Қурбанбай жыраў репертуары ҳаққында изертлеў жумысын (PhD) алып барып атырған бир ўақытта Төрткүл районына жол алдым. Жыраўдың Төрткүлде жасайтуғын ақлықлары Дәўран ҳәм Бабур Қурбанбаевлар менен ушырастым. Мени жыллы жүзлилик пенен күтип алды. Олар Қурбанбай жыраўдай уллы тулғаның ақлығы екенлиги менен мақтанатуғынын айтты. Сондай-ақ, ол ҳаққында жаңа изертлеў жумыслары алып барылып атырғанын еситип қуўанғанын жасырмады. Бул сәўбет мен ушын илимий дерек болып қалмастан, кеўлиме нур қуйған сабақ, руўхый байлық болды. Ең әҳмийетлиси, тек ғана мағлыўматлар жыйнаў менен шекленип қалмастан, ал үлкен тәсирлер менен қайттым. Әсиресе, жыраўдың тийкарғы шежиреси, яғный, туўысқанлары, ақлық-шаўлықлары, шаңарағы ҳәм жеке өмири ҳаққында биринши мәрте еситкенлерим үлкен қызығыўшылық пайда етти. Атап айтқанда, Қурбанбай жыраў Сатымбай Қурбанбаев (1948-2003) ҳәм Гүльчехра Қурбанбаева (1950-1952) атлы перзентлердиң әкеси, 6 ақлықтың атасы ҳәм 19 шаўлықтың бабасы екенлиги мәлим болды.
Ушырасыў даўамында Қурбанбай жыраўдың ҳүрметине жақында ислеп болынған бюстти де көриў несип етти. Бюст райондағы балалар музыка ҳәм көркем өнер мектебинде орналасқан екен. Мениңше, бул бюст тек ғана естелик емес – жыраўдың халықшыллығының тымсалы. Сондай-ақ, оның өмири ҳәм искерлигине қаратылған айрықша итибар ҳәм келешек әўладларға руўхый тәрбия дереги болып хызмет етеди. Уллы тулғаның көринисин сәўлелендирген бул шығарма үлкен жуўапкершилик пенен дөретилген. Ең қызықлы тәрепи сол күни бюст авторы, белгили художник Абдулла Раджабов пенен де дийдарластым. Төрткүлге барған күним Ташкент қаласынан хызмет сапарынан келген Абдулла аға менен көрисиўимиз күтилмегенде жүз берди. Ол бюстти жаратыў процеси, идея ҳәм илҳам дереклери, қандай руўх ҳәм мазмун бергенлиги ҳаққында толық айтып берди.
«Мен негизи, художникпен. Бул скульптор сыпатындағы дәслепки жумысым. Жыраўдың дөретиўшилигин жүдә ҳүрмет етемен, оның ықсалбентимен. «Қырық қыз» дәстанын оқып шыққанман. Бул бюст – мен ушын сөз қәдирин аңлаў белгиси. Оны жаратыўға 7 ай ўақыт сарыпладым. Жыраўдың ақлық-шаўлықларын излеп келгениңизди көрип төбем көкке жетти» – дейди ол, куўанышын жасыра алмаған ҳалда. Ҳақыйқатында да, бюсттеги ҳәр бир сызық, ҳәр бир ҳәрекет артында жыраўға деген айрықша ҳүрмет бар екенлиги сезилип турады. Бюстти ислеген инсан менен тосыннан ушырасыўымыз да бәлким Қурбанбай жыраўдың шарапаты шығар деген ойлар өтти ишимнен…
Мен бүгин Қурбанбай жыраўды өзимше жаңадан дөрете алдым. Оны енди тек ғана илимий жумысымның объекти деп емес, ал журтын жақсы көрген, халық қәлбинде мәңги жасайтуғын инсан, баба, ата ҳәм пидайы ел перзенти деп те таныдым.
Жыраўдың урпақлары менен сәўбетлесиў арқалы оның халық арасындағы абырайы бүгинги күнде де жоқары екенлигине және бир мәрте гүўа болдым. Әсиресе, той-байрамларда, отырыс-жыйынларда, қоңсы-қоба арасында жыраўдың ақлықларына «жыраў баба» деп сый-ҳүрмет көрсетилер екен. Бул жыраўдың аты халық арасында тири екенлигин аңлатады.
Сапарымның әҳмийетли бөлимлериниң бири – Елликқала районында жайласқан Абдулла Норинжон баба қойымшылығындағы Қурбанбай жыраў қәбирин зыярат етиў болды. Ол жерде қәлбимде және бир мәрте жыраўға деген миннетдаршылық сезимлери туўылды ҳәм оның руўхына қуран оқылды. Бул зыярат илимий сапарымның шоққысы десем қәтелеспеймен.
Сондай-ақ, район аймағындағы мәмлекетлик қорғаў дизимине алынған «Үлкен Гүлдирсин» қаланы да зыяратлар екенмен, Қурбанбай жыраўдың өзбек ҳәм қарақалпақ тиллеринде атқарған «Гүлдирсин әпсанасы» атлы дәстаны қыялымнан өтти. Өзиниң импровизаторлығы ҳәм көркем фантазиясы тийкарында ол усы әпсананы үлкен эпикалық шығарма дәрежесине көтерген. Сол жерде Қурбанбай жыраўдың шеберлигине және бир мәрте қайыл қалдым.
Бүгинги күнде Қурбанбай жыраўдың бир ўақытлары дәстан атқарған қобызы Қарақалпақстан Республикаси тарийхы ҳәм мәденияты мәмлекетлик музейинде екенлигин мағлыўмат ретинде келтирип өтиў орынлы, деп ойлайман.
Илимий сапарым жуўмағына жетер екен, жыраўдың атын ҳәм дөретиўшилигин мәңгилестириў мақсетинде балалар музыка ҳәм көркем өнер мектеплериниң бирине Қурбанбай жыраўдың аты берилсе, 2026-жылы жыраўдың 150 жыллығы халықаралық көлемде белгиленсе деген усыныслар да кеўлимнен өтип атырғаны ҳақыйқат… Себеби, биз жаслар, излениўшилер, илимпазлар ҳәм кең жәмийетшилик Қурбанбай жыраў мийрас қалдырған 20 дан аслам дәстан бар екенлигин билиўимиз, үйрениўимиз дәркар деп ойлайман.
Жыраўдың дәстанлары басылып шыққан «Қарақлпақ фольклоры»ның томларын, ӨзР ИАҚҚБ Қарақалпақ гуманитар илимлер илим изертлеў институтының фундаментал китапханасындағы эпослардың қол жазба нусқаларын, сондай-ақ, жыраўдың келбети сызылған сүўретлерин, оған тийисли болған барлық буйымларын бир жерге топлап, кишкене болса да үй-музейин шөлкемлестирсек еди, деген ойлар менен Нөкиске келдим.
Айшолпан Оразымбетова,
ӨзР ИАҚҚБ Қарақалпақ гуманитар илимлер
илим изертлеў институты таяныш докторанты
Қарақалпақстан хабар агентлиги