Саяхат мәденияты – миллеттиӊ айнасы

Ҳәр қашан жумыстан қайтқан ўақтымда Ғәрезсизлик майданы ямаса Әмир Темур қыябанында жүрген сырт елли туристлерди көрип, ҳәўес етемен. Әсиресе, ийнине фотоаппарат асынған кексе әўлад ўәкиллери қәлбимде айрықша ҳүрмет оятады. Олар ҳәр бир қәдемде әдеп-икрамлылыққа әмел етеди. Қатты даўыс пенен бақырып ямаса әтираптағыларды уялтпайды. Қалаберди, сүўретке түсиўде де тәртип пенен, бирин-бири күтип ҳәрекетленеди. Бул жағдай маған бир ҳақыйқатты аңлатады: саяхатшы ушын ең әҳмийетли қағыйда – бул саяхат мәденияты.
Саяхат – тек ғана дем алыў емес. Ол билим алыў, тәжирийбе арттырыў ҳәм жақсы тәсир қалдырыў имканияты. Бирақ, тилекке қарсы, ҳәмме де бул мәдениятты толық түсине бермейди.
Жақында Грузияға шөлкемлестирген сапарымда бул пикирге және бир мәрте исеним пайда еттим. Саяхатымыздың дәслепки күнлеринде-ақ айырым ўатанласларымыз тәртипсизлиги менен ҳәммени қыйнап қойды. Мысалы, топар менен ҳәрекетленгенде еки адам бәрқулла артта қалып кететуғын ямаса белгиленбеген жолға бурылып, ҳәммени күттирип қоятуғын еди.
Олар жас бала емес, алпысқа шамалас адамлар еди. Ақырында гид те шыдамы таусылып, оларға қатты ескертиў берди.
Кейинги мәнзилимиз Боржомиде де усыған уқсас жағдайлар тәкирарланды. Аўқаттан наразы болып, асханада бақырып шақырғанлар болды. Автобуста болса насыбай ататуғынлар кеўилди қапа етти.
Батумиде болса және жаңа ўақыялар басланды. Белгиленген ўақытта жыйналысқа келиўдиң орнына, айырымлар саяхаттан пүткиллей бас тартты. Нәтийжеде топардың улыўма режеси бузылды. Ең жаманы, аэропорттағы көринис болды. Шегарадан алып өтиўге болмайтуғын буйымларды сатып алған саяхатшылар бир неше саат тоқтатып қойылды.
Булардың барлығы мынадай жуўмаққа алып келди: айырым адамлар ушын саяхат – тек ғана өз мәпин қанаатландырыў қуралы. Олар ушын барған мәмлекеттин үрп-әдетлери, тәртип-интизамы ҳәм ҳәтте әтираптағылардың ўақты да әҳмийетсиз болып көринеди. Бирақ бундай жағдайлар тек ғана жеке абырайға емес, ал пүткил миллеттиң жүзине дақ түсиреди.
Саяхат мәденияты – бул бәринен бурын тәрбия ҳәм жуўапкершилик мәселеси. Ол адамлардың ишки дүньясын, улыўма дәрежесин ҳәм мәдений дәрежесин көрсетеди. Егер биз ҳәр бир саяхатты тек ғана тәсир ушын емес, ал өзимизди дурыс көрсетиў имканияты сыпатында қабыл етсек, сонда ғана басқаларда жақсы пикир қалдырамыз.
Себеби саяхатшы – ол тек жеке жолаўшы емес. Ол пүткил миллеттиң жүзин көрсетиўши елши де.
Нигора Раҳмонова, ӨзА