Өзбекстан ҳәм Қытай арасындағы бирге ислесиў жаңа басқышқа көтерилмекте

132

Ҳәзирги ўақытта Өзбекстан ҳәм Қытай арасында стратегиялық шериклик қатнасықлары раўажланып, экономикалық, мәдений ҳәм дипломатиялық тараўларда жедел байланыслар жолға қойылған. Қытай – Өзбекстанның ең ири саўда шериклеринен бири болып, энергетика, транспорт ҳәм аўыл хожалығы сыяқлы бағдарларда бирге ислесиў барған сайын кеңеймекте. Соның менен бирге, мәдений байланыслар да беккемленип бармақта. Буның айқын дәлили сыпатында Өзбекстан пуқараларының Қытайға сапарлары санының кескин артқанын көрсетиў мүмкин.

Миллий статистика комитетиниң мағлыўматларына бола, 2025-жылдың биринши ярымында 14,6 мың Өзбекстан пуқарасы туристлик мақсетлерде сапар еткен. Бул көрсеткиш өткен жылғы статистикаға салыстырғанда 6,9 мыңға ямаса 88,5 процентке артқан.

2025-жылдың биринши ярымында Қытайға сапар еткен Өзбекстан пуқаралары төмендеги мақсетлер бойынша бөлистирилген: сапар – 11 мың 390 адам, туўысқанларын көриў – 2 мың 89 адам, хызмет бабында – 595 адам, билимлендириў – 521 адам, емлениў ушын 23 адам.

Бул санлар туризмниң ең жетекши мақсет болып қалып атырғанын көрсетпекте. Әсиресе, Қытайдың тарийхый естеликлери, заманагөй қалалары ҳәм тәбийғый гөззаллықлары өзбекстанлы туристлерди барған сайын көбирек тартпақта. Сондай-ақ, туўысқанларды көриў бойынша сапарлар санының жоқарылығы Қытайда жасайтуғын ямаса ислеп атырған өзбекстанлылар санының артып баратырғанынан дерек береди.

Өзбекстан ҳәм Қытай арасындағы қатнасықлардың кеңейип баратырғаны пуқаралар ҳәрекетинде де айқын көзге тасланбақта. 2025-жылдың биринши ярымында Қытайға барған өзбекстанлылар санының дерлик еки есеге артқаны – бул еки мәмлекет арасындағы бирге ислесиўдиң тереңлесип атырғанын көрсетеди.

Дилдора ДЎСМАТОВА,

ӨзА