Ҳаял-қызларға процентсиз тәлим кредити-үлкен имканият

Елимизде жаңа оқыў жылы басланыўына санаўлы күнлер қалды. Жоқары билимлендириў мәкемелеринде оқыў жылының басында бақланатуғын барлық процесс, соның ишинде, төлем-шәртнама мәселелери ҳәр қашанғыдан да әҳмийетли. Себеби студентликке усыныс етилгенлердиң көпшилик бөлеги төлемли шәртнама тийкарында оқыўға қабыл етилген.
Жаслардың көпшилигинде оқыўға қызығыўшылық күшли болса да, қыялының бир мүйешинде контракт пулын төлеў машқаласы турады. Шәртнама тийкарында билим алыў ушын ҳәмме шаңарақта материаллық имканият жетерли болмаўы тәбийғый жағдай. Елимизде бул мәселеге де әлле қашан шешим табылған.
Миллий статистика комитетиниң мағлыўматына бола, 2015-2016 оқыў жылында елимизде жоқары оқыў орынларының саны тек ғана 69 ды қураған болса, 2024-2025-оқыў жылы басында (филиалларды да есапқа алған ҳалда) Өзбекстанда 222 жоқары билимлендириў мәкемеси жумыс алып бармақта. Буннан көринип турғанындай, салыстырыў сезилерли өсиўди көрсетпекте.

Усы тәризде, соңғы он жыл ишинде жоқары билимлендириў мәкемелериниң саны 153 ке көбейди. Жылдан-жылға жаслар ушын төлемли-шәртнама тийкарында билим алыў имканияты да кеңеймекте. Бирақ ҳәммениң де төлемли-контракт тийкарында оқыўға имканияты жетпейди. Хош, шәртнама тийкарында оқыўға кирген студентлер ушын қолайлы шешим болған тәлим кредити қандай тәртипте берилмекте?
Ҳаял-қызларға процентсиз тәлим кредити қандай тәртипте бериледи?
Бүгинги күнде коммерциялық банклер усынып атырған бул имканият Өзбекстан Республикасында жумыс алып барып атырған барлық сырт ел, мәмлекетлик, мәмлекетлик емес, жоқары, орта арнаўлы ҳәм профессионал билимлендириў шөлкемлери, сондай-ақ, биргеликтеги билимлендириў бағдарламалары бойынша бакалавриат ҳәм магистратура бағдарларында күндизги, сыртқы ҳәм кешки билимлендириў түринде төлемли-контракт тийкарында оқыўға усыныс етилген ямаса қабыл етилген Өзбекстан Республикасы пуқарасы болған студентлерге бериледи.
Өзбекстанда жоқары оқыў орынларына мандат 15-август күни жәрияланды. Олар алған балына қарап 5 ке шекем бағдар таңлаўы мүмкин. Бул болса оқыўға кириў итималын арттырады. Соған қарамастан, айырым студентлер ҳәм олардың ата-аналары контракт төлеў ҳаққында ойлап, ҳаўлығыўы мүмкин. Бирақ қәўетерлениўдиң кереги жоқ. Жеңиллетилген тәлим кредитлеринен пайдаланыў имканияты бар.
Алдын тәлим кредитин алыў ушын коммерциялық банклер талап ететуғын қағазпазлық, узақ күтиў, кредит процентиниң жоқарылығы, қысқа мүддетте қайтарыў сыяқлы шәртлер бир қатар қолайсызлықларды келтирип шығарып атырған еди. Жаслардың билим алыўына және де кеңнен имканият жаратыў, жоқары мағлыўмат алып атырған пуқаралардың социаллық қорғалыўын күшейтиў мақсетинде қабыл етилген нормативлик ҳүжжетлер менен енгизилген тәртип мине, усы машқалаларға мүнәсип шешим болды.
Кимлерге бериледи?
Студент кирген университет мәмлекетлик, мәмлекетлик емес ямаса сырт ел болса парқы жоқ, Өзбекстанда болса болғаны. Бирақ, өткен оқыў жылынан баслап тек ғана күндизги билимлендириўде оқып атырған болыўы керек. Суперконтракт тийкарында оқыўға қабыл етилген студентлерге де жеңиллетилген тәлим кредити ажыратылмайды. Кредит алыўшының дәраматқа ийе болған шаңарақ ағзалары биргеликте қарыз алыўшы сыпатында шәртнамаға қол қоя алады.
Тәлим кредити негизинде 14 процентлик ставкада бериледи. Бирақ бул процент бөлегин ҳаял-қызлар төлемейди, мәмлекет төлеп береди. Анығырағы, Билимлендириў кредитин қаржыландырыў қоры тәрепинен усы қаржы қапланады. Ҳаял-қызлар тек ғана тәлим кредитиниң тийкарғы бөлегин төлейди.
Төлеў қашаннан басланады?
Жеңиллетилген тәлим кредити рәсмий оқыў тамамланғаннан кейин 7-айдан баслап 7 жыл мүддетке ажыратылады. Мәселен, студент 1-курс болса, 11 жыл 7 ай ишинде кредитти төлеўи мүмкин. Кредит муғдары студент ҳәм билимлендириў шөлкеми арасында дүзилген шәртнамаға тийкарланып бериледи. Проценти 13,5-14 процент, Орайлық банктиң тийкарғы ставкасы төменлесе, жеңиллетилген тәлим кредити проценти де төменлейди.
Мағлыўмат орнында айтыў керек, тәлим кредитин алыў ушын арза бериўшиниң шахсын тастыйықлаўшы ҳүжжети, кредит қайтарылыў тәмийнаты ( гиреў, кепил ҳәм қамсызландырыў) университет пенен дүзилген шәртнама сыяқлы ҳүжжетлер талап етиледи. “Социаллық қорғаўдың бирден-бир реестри”не кирген шаңарақлардың перзентлерине ажыратылатуғын тәлим кредити бойынша гиреў ҳәм кепиллик талап етилмейди.
Және бир мағлыўмат, 2025-2026-оқыў жылынан баслап тәлим кредитин алыў ушын арзаларды “Тәлим кредити” мәлимлеме системасы (talim-krediti.mf.uz) ҳәм my.gov.uz арқалы тапсырыў мүмкин болды. Буннан тысқары, екинши курстан жоқары студентлердиң баҳалары төмен болған (орташа “3” ден төмен) жағдайда тәлим кредити көби менен төлем шәртнаманың 80 проценти муғдарында ажыратылады. Онда кредит төлемли-контракт суммасының дәслепки 20 проценти студент тәрепинен төленгеннен соң ажыратылады.
“3” ҳәм оннан жоқары болған жағдайда ҳәм (ямаса) “Социаллық қорғаўдың бирден-бир реестри”не киргизилген шаңарақлардың билим алып атырған ағзалары ушын тәлим кредити төлемли-контракт суммасы муғдарында ажыратылады.
Итибарлы тәрепи, Билимлендириў кредити қызлар ҳәм ҳаял-қызлар ушын процентсиз ажыратылады. Мәмлекетлик жоқары билимлендириў мәкемелерине магистратураға кирген ҳаял-қызлардың контракты толық мәмлекет тәрепинен қапланады.
Мағлыўмат орнында айтыў керек, 2024-2025-жылда 181 мың 500 ден аслам ҳаял-қызлардың оқыўы ушын жеңиллетилген тәлим кредитлери ажыратылды. Социаллық қорғаўға мүтәж шаңарақлардың ўәкиллери, жетим қалған ямаса ата-ана қарамағынан айырылған 2 мыңнан аслам студентке 14 миллиард 500 миллион сум контракт пулы жергиликли бюджетлер есабынан қаплап берилди. Соңғы жыллары мәмлекетлик жоқары оқыў орынларының магистратура бөлиминде оқып атырған ҳаял-қызлардың контракт пуллары бюджеттен төленбекте. Ең әҳмийетлиси, қызларымыз арасында заманагөй билим ҳәм кәсип-өнерлерге қызығыўшылық барған сайын артып бармақта. Мысалы, “Бир миллион программист” жойбары шеңберинде билим алған жаслардың 47 проценти, яғный дерлик ярымын қызлар қураған.
– Жаслығымнан муғаллим болыўды әрман етемен, – дейди Машҳура Базарбаева. – Жыллар даўамында жоқары оқыў орнына кириў ушын ҳүжжетлеримди тапсырдым. Шаңарақта 5 перзентпиз. Меннен алдынғы еки ағам ҳәм бир әжапам да жоқары оқыў орнында шәртнама тийкарында оқыйды. Шаңарақта мени оқытыўға материаллық имканият жетпейтуғын еди. Ата-анам шәртнама пулын төлей алмайтуғынынан қатты қысынды. Сонда ҳаял-қызлардың билим алыўы ушын процентсиз кредит ажыратылып атырғаны ҳаққындағы хабарды еситип, кеўлимде үмит оянды. Жақын жердеги коммерциялық банкке мүрәжат еттим. Банк хызметкерлери жеңилликлер ҳаққында мағлыўмат берди, жүдә қуўандым. Банк оқыўым ушын 12 миллион сум ажыратты. Ақырында, Химия халықаралық университетиниң баслаўыш билим бериў факультетине оқыўға кирдим. Студентлик бахтына ҳәм өзим сүйген тараўда билим алыў имканиятына ийе болдым.
Бундай мысалларды көплеп келтириў мүмкин. Әҳмийетлиси, ҳаял-қызлардың билимли болыўына қаратылып атырған итибар бир күн келип өз жемисин береди. Себеби, бүгин әпиўайы студент қыз ертең тараўының жетик қәнигеси болыў менен бирге, қабилетли, перзентлерди тәрбиялайтуғын ана.
ӨзА