Жасалма интеллект әпиўайы қурал, мақсетти инсан белгилейди!

140

Соңғы жылларда интернет ҳәм жасалма интеллект (АI) технологияларының жедел пәтлерде раўажланыўы адамзат тарийхында жаңа дәўирди баслап берди. Әсиресе, ChatGPT, Мidjourney, Runway сыяқлы алдынғы жасалма интеллект қураллары мыңлаған инсанлардың күнделикли турмысын өзгертип жиберди. Енди логотип, презентация, анимация ямаса видео таярлаў ушын күнлер, ҳәттеки ҳәптелеп ўақыт сарыплаў шәрт емес. Көз алдыңыздағы идеяны жазып бериўдиң өзи жеткиликли, бир неше минутта таяр өним қолыңызда болады.

АI қураллары арқалы дизайн, аўдарма, текст жазыў ҳәм кодлаў сыяқлы қурамалы ўазыйпаларды тез ҳәм сапалы орынлаў мүмкин. Бул болса түрли тараўларда бир қанша қолайлықлар жаратпақта. Жаслар өз дөретиўшилик идеяларын әмелге асырыўда технологиядан пайдаланып, глобал көлемдеги жойбарларда қатнаспақта. Ҳәзирги ўақытта жасалма интеллекттен мақсетли пайдаланған инсан белгили бир көнликпелерди өзи еркин түрде үйрене алады. Бирақ жағдай 100 процент кеўилдегидей емес.

Жасалма интеллект раўажланған сайын ондағы қадағалаўсыз контент ҳәм сайызлық машқаласы да барған сайын үлкейип бармақта. Көпшилик жағдайларда бул видеоларда тәрбия ҳәм исенимлилик мәселелери ақырғы орынларды ийелейтуғыны да жалған емес.

Жақында, бир хабар интернетти ләрзеге салды. Кеўил ашар тамашалар ушын арналған косатка өз үйретиўшисин жабайыларша жеп қойған сүўрети жылдырым тезлигинде тарқалды. Бул видеоның көриўлер саны да миллионнан асады. Адамлар арасында қәўип, аяныш сыяқлы түсиниклер толып кетти. Буннан соң, ири шөлкемлер бул мәселе бойынша қатаң излениўлер алып барды. Мағлыўматлар тексерилгенде, видеода шахсы көрсетилген Жесика исмли қыз ҳақыйқатында жоқ екенлиги, видео тек ғана жасалма интеллект тәрепинен жаратылғаны тастыйықланды. Бирақ халық арасындағы шаўқым елеге шекем басылмады.

Негизинде жасалма интеллект раўажланыўы менен бир қатарда инсанлардың медиа саўатлылығы да бирдей раўажланыўы керек. Бул еки раўажланыўда болса әдеўир айырмашылықлар болғаны ушын мәни машқаласы да келип шықпақта. Жасалма интеллект тәрепинен инсанлар образында ҳәр қыйлы әдепсиз видеолар, ақмақлық “мәсләҳәтлер” ҳәм кеўилашар, бирақ мақсетсиз контент тийкарғы ағымға айланған. Нәтийжеде, АI имканиятлары арқалы пайдалы жойбар ямаса билимлендириў платформасы жаратыўдың орнына, бир күнлик белгилиликке алып келетуғын, социаллық пайдасыз контентлер ислеп шығарылмақта. Бул болса жасалма интеллект имканиятларының дурыс бағдарланбағаны ақыбетинде келешек әўладлардың санасына унамсыз тәсир көрсетиўи мүмкин.

Тийкарында, АI – бул қурал, қурал болса анық мақсет емес. Инсан бул арқалы қандай нәтийжеге ерисиўди қәлеўи өз қолында. Саналы инсан технологиядан раўажланыў, билим алыў, инновациялар жаратыў, илим менен шуғылланыў, жәмийетке унамлы тәсир көрсетиў ушын пайдаланады. Ҳәр бир блогер, контент жаратыўшы ямаса әпиўайы интернет пайдаланыўшысы да өзиниң мазмунлы контенти арқалы басқаларға үлги, билим ҳәм сабақ бериўи мүмкин.

Келешек технология менен белгиленеди, бирақ технологияның қайсы бағдарда раўажланыўын ҳәзирги әўлад белгилейди. Бүгин биз, пайдаланыўшылар, әсиресе, жаслар, жасалма интеллект қуралларын дөретиўшилик, билимлендириў, илим ҳәм раўажланыў жолында қолланыўымыз зәрүр. Жүзеки ҳәм мәниссиз контентти емес, мазмунлы, тәрбиялық ҳәм заманагөй мәлимлемени жаратыўға умтылыўымыз ҳәм жасалма интеллект имканиятлары арқалы өз миллий қәдириятларымыз, тарийхымыз ҳәм мәдениятымызды дүнья сахнасында белгили дәрежеде алға қойыў жолларын излеўимиз керек.

Жасалма интеллект – бул революциялық қурал. Бирақ ол қайсы жолға хызмет ететуғынын бизлер шешемиз. Бүгин сайыз контент емес, мазмунлы раўажланыўға хызмет ететуғын технологиялар, жойбарлар ҳәм платформаларды көбейтиў ҳәр қашанғыдан да әҳмийетли. Мақсетсиз ҳәрекетлер орнына, жуўапкершиликли қатнасты таңлайық!

Дилдора ДЎСМАТОВА,

ӨзА