Қытайдағы ШБШ саммити 31-август – 1-сентябрь күнлери өткериледи
133

Қытайдың Тянцзин қаласында өтетуғын ШБШ саммитинде 20 дан аслам мәмлекет басшылары ҳәм 10 халықаралық шөлкемниӊ ўәкиллери қатнасады. Бул ҳаққында ҚХР СИМ баслығының жәрдемшиси Лю Бин мағлыўмат берди.
Тянцзиндеги Шанхай бирге ислесиў шөлкеминиң саммити 31-август – 1-сентябрь күнлери болып өтеди.
Хабарға бола, саммитке Россия, Беларусь, Иран, Түркия, Ҳиндстан, Қазақстан, Қырғызстан, Тәжикстан, Өзбекстан, Әзербайжан, Армения сыяқлы мәмлекетлердиң жетекшилери ҳәм басқа да сиясатшылар мирәт етилген.
Қарақалпақстан хабар агентлиги