Шембилик жумыслары жедел даўам етпекте

207

“Абат ҳәм пайызлы мәҳәлле – елимиз көрки” сүрени астында пүткил Республика бойлап өткерилип атырған улыўмахалықлық қайырқомлық шембилиги орынларда үлкен көтериңкилик пенен шөлкемлестирилмекте. Усы илаж шеңберинде қала ҳәм районлардағы түрли шөлкем ҳәм кәрханалар  абаданластырыў жумысларында белсене қатнаспақта.

Төрткүл районындағы шөлкемлер де бул ийгиликли иске өз үлесин қоспақта. Атап айтқанда, илаж шеңберинде имаратлар алды аймақлары тазаланып, қоршаған орталықты абаданластырыў, көклемзарластырыў жумыслары әмелге асырылмақта.

Атап айтқанда, “Төрткүл саўда комплекси” ЖШЖ жумысшы-хызметкерлери улыўмахалықлық шембиликте белсене қатнасып, елимиздиң абаданлығы ҳәм қоршаған орталықтың азадалығына мүнәсип үлес қоспақта. Сондай-ақ, “Төрткүл ел ырысқы базары” ЖШЖ жәмәәти де абаданластырыў жумысларында белсендилик көрсетпекте,- деп мағлыўмат береди район ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети бөлими.

Елимизде өткерилип атырған бундай илажлар халықтың тилеклеслиги, аўызбиршилиги ҳәм Ўатанның раўажланыўына үлес қосыў сезимин және де беккемлеп атырғаны менен әҳмийетли болып есапланады. Төрткүлдеги қайырқомлық шембиликлери жоқары руўхта, жәмәәтлик мийнет ҳәм жоқары жуўапкершилик пенен даўам етпекте.

Қарақалпақстан хабар агентлиги