“Мүриўбет” үйи тәрбияланыўшыларынан хабар алынды

121

Қарақалпақстан Республикасы Бажыхана басқармасы баслығының орынбасары М.Махмадалиев бажыхана уйымлары тәрепинен аталыққа алынған Нөкис қаласындағы майыплығы болған ҳаял-қызлар “Мүриўбет” интернат үйинде болып, тәрбияланыўшылар ушын мүнәсип шараят жаратыў бағдарында әмелге асырылып атырған жумыслар менен танысты.

Майыплығы болған 250 ҳаял-қыз қәўендерликке алынған бул мәкемеде жаратылған шараятлар, наўқаслар ушын шөлкемлестирилген дөгереклердиң жумысы менен танысқан жуўапкерлер усы жерде жасайтуғын ҳаял-қызлардың қол мийнетинен дөретилген ҳақыйқый көркем өнер шығармасы дәрежесиндеги буйымларды тамашалап, таң қалғанын жасырмады.

Дөгереклерде шуғылланып атырған тәрбияланыўшылар менен шын кеўилден қурылған сәўбетлесиў, олардың кеўлин бираз болса да көтерди.

Усы жердиң өзинде тәрбияланыўшылар арасында саламат турмыс тәризин үгит-нәсиятлаў мақсетинде спорттың шахмат ҳәм шашка түрлери бойынша спорт жарыслары өткерилди.

Онда тәрбияланыўшылар үлкен қызығыўшылық пенен белсене қатнасты.

Қызғын беллесиўлерге бай болған спорт жарысларының жуўмағында жеңимпазлар ҳәм сыйлы орын ийелери анықланып, естелик саўғалары тапсырылды.

Бундай илажлардың өткерилиўи “Мүриўбет” үйи тәрбияланыўшыларының бос ўақытларын мазмунлы өткериў, олардың саламатлығын беккемлеў ҳәм өз-ара дослық ҳәм аўызбиршилик орталығын жаратыўға хызмет етеди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги