«Қоңырат–Мойнақ» автомобиль жолының 91 километрлик бөлегинде оңлаў жумыслары алып барылады
136

Президентимиздиң Қарақалпақстан Республикасы ушын өз алдына қабыл етилген 248-санлы қарары менен Қарақалпақстан Республикасында 2025-2026-жылларда оңлаў жумыслары алып барылатуғын автомобиль жолларының мәнзилли дизими тастыйықланды.
Дизимге муўапық, «Қоңырат–Мойнақ» автомобиль жолының 91 километрлик бөлегин оңлаў белгиленген болып, бул ушын 21 млрд. сум қаржы ажыратылады.
Сондай-ақ, Нөкис қаласынан Тахтакөпир районына алып барыўшы «D-234» Нөкис-Шымбай-Тахтакөпир автомобиль жолының 59 километрлик бөлегин оңлаў жумысларын баслаў ушын да 15 млрд. сум қаржы ажыратылыўы белгиленген.
Қарақалпақстан хабар агентлиги