НМПИ жәмәәти де улыўма халықлық қайырқомлық шембилигине белсене қатнаспақта

134

Хабарыңыз бар, мәмлекетимиз Ғәрезсизлигиниң 34 жыллық байрамына таярлық көриў, қоршаған орталықты қорғаў ҳәм саламат турмыс тәризин үгит-нәсиятлаў мақсетинде усы жылдың 22-23-август күнлери елимиз бойлап «Абат ҳәм пайызлы мәҳәлле – елимиз көрки» сүрени тийкарында улыўма халықлық қайырқомлық шембилиги өткерилиўи белгиленген еди.

Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты жәмәәти де усы ийгиликли басламаны қоллап-қуўатлап, бүгин ерте таңнан баслап институт ҳәм оның дөгерегинде абаданластырыў, көгалландырыў, жабайы шөплер ҳәм шығындылардан тазалаў, соның менен бирге, оқыў аудиториялары, лабораторияларды жаңа оқыў жылына таярлаў жумысларын алып бармақта,-деп мәлимлеме береди НМПИ Баспасөз хаткери И.Мәтеков.





Бундай әмелий жумыслар қоршаған орталықты абат етиў менен бирге жәмәәтте аўызбиршилик, татыўлық ҳәм мийрим-шәпәәтти беккемлеўге хызмет етеди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги