Биринши ярым жыллықтың нәтийжелери додаланды

“Адолат” СДП Сиясий Кеңесиниң гезектеги ХVI Пленумы болып өтти. Пленумда 2025-жылдың өткен 6 айында ерисилген нәтийжелер ҳәм кемшиликлер ҳәр тәреплеме талқыланып, алдағы ўазыйпалар белгилеп алынды.
Пленумға партияның Қарақалпақстан Республикасы Кеңесиниң хызметкерлери ҳәм белсендилери ZOOM платформасы арқалы онлайн тәризде қатнасты.
Күн тәртибиндеги 1-мәселе бойынша партияның Қарақалпақстан Республикасы Кеңесиниң баслығы Н.Қайыпбергеновтың есабаты тыңланды.
Н.Қайыпбергенов алып барылған жумысларға тоқтап өтип, дәслепки алты айда жәми 1286 илаж өткерилип, 28536 пуқара қамтып алынғанлығын, атап айтқанда, “Саламат турмыс тәризи жолында бирлесейик” жойбары шеңберинде 61 мәрте ушырасыўлар өткерилгенин ҳәм 981 ҳаял-қызлардың қатнасқанлығын атап өтти.


Есап бериў дәўиринде 103 мәҳәлледеги 1541 шаңарақ ҳәм 98 хожалық жүргизиўши субъектке барылып, ушырасыўлар даўамында халықтан 128 мүрәжат келип түскен. Олар бойынша жуўапкерлерге 53 депутатлық сораў жиберилип, 42 си унамлы шешимин тапқан. Буннан тысқары, 75 мүрәжат ийесине орнында ҳуқықый мәсләҳәтлер берилген.
Қарақалпақстан хабар агентлиги