Пахта жыйын-терими ҳәм ғәлле егисине таярлық жумыслары додаланды

Ҳәзирги ўақытта районларда тараў басшылары ҳәм қәнигелериниң қатнасыўында алдағы пахта жыйын-теримине ҳәм гүзлик бийдай егисине таярлық жумысларын додалаўға бағышланған мәжилислер өткерилмекте.
Шымбай районы ҳәкимлигинде Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығының орынбасары Ш.Тешаевтың басшылығында аўыл хожалығы жумысларының барысына бағышланған мәжилис болып өтти.
Онда райондағы фермер хожалықларының басшылары ҳәм тараў жуўапкерлери қатнасты.
Мәжилисте гүзги бийдай егисине таярлық, жерлердиң шорын жуўыў ҳәм суўғарыў сыяқлы әҳмийетли мәселелер көрип шығылды.

Сондай-ақ, пахта терими мәўсимине таярлық, қабыллаў пунктлерин таяр жағдайға келтириў ҳәм техникаларды оңлаў мәселелерине де итибар қаратылды. Фермерлер өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды ҳәм алдағы ўазыйпалар белгилеп алынды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги