Нәтийжелиликке ерисиў илажлары белгиленди

232

Қанлыкөл районында фермер хожалықлары ҳәм басқа да аўыл хожалығы кәрханалары басшыларының қатнасыўында аўыл хожалығы тараўында әмелге асырылып атырған ўазыйпаларға арналған әмелий оқыў семинары өткерилди.

Онда Өзбекстан Республикасы Президенти ҳәм Министрлер Кабинети тәрепинен қабыл етилген қарарлар, пәрманлар ҳәм басқа да нормативлик ҳуқықый ҳүжжетлердиң мазмун-мәниси, исбилерменлик субъектлерине берилип атырған жеңилликлер ҳаққында мағлыўматлар берилди.

Семинарда Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығының Аўыл ҳәм суў хожалығы мәселелери бойынша орынбасары Ш.Тешаев, район ҳәкими Б.Султанов ҳәм басқалар районда аўыл-хожалығы жумысларының барысына тоқтап өтип, пикир-усыныслар билдирилди.

Атап өтилгениндей, районда пахта ҳәм ғәлле жетистириў бойынша бир қанша жетискенликлер менен бир қатарда кемшиликлерге де жол қойылмақта.

Семинарда тараўды раўажландырыў, дийқаншылықта жоқары нәтийжеге ерисиў бойынша илажлар белгиленди.

Усындай семинар Кегейли районында да болып өтип, аўыл хожалығы тараўындағы әҳмийетли ўазыйпалар додаланды.


Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығының орынбасары Ш.Тешаев басшылығында өткерилген семинарда районлық фермер ҳәм дийхан хожалықларының басшылары, аўыл хожалығы қәнигелери қатнасты.

Семинарда ғәлле егилетуғын майданларды лазерли тегислеў арқалы суўғарыўды нәтийжели шөлкемлестириў, суўдан ақылға уғрас пайдаланыў ҳәм зүрәәтлиликти арттырыў мәселелери көрип шығылды. Фермерлерге әмелий жәрдем көрсетиў, олардың машқалаларын өз ўақтында шешиў бойынша тапсырмалар берилди.

Усы таярлық илажлары районда ғәлле зүрәәтин көбейтиў ҳәм халықты нан өнимлери менен тәмийинлеўге хызмет етеди.

Ә.Жийемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги