Жаңа бақша пайдаланыўға тапсырылды

140

Нөкис районы «Тақыркөл» аўыл пуқаралар жыйыны аймағында заманагөй 18-санлы мектепке шекемги билимлендириў шөлкеми пайдаланыўға тапсырылды.

Бул мәкеме елимизде билимлендириў системасын раўажландырыў, балалар ушын мүнәсип шараят жаратыў мақсетинде әмелге асырылып атырған кең көлемли реформалардың нәтийжеси болып есапланады.

Ҳәммемизге белгили, ҳүрметли Президентимиз тәрепинен 2021-жыл 18-сентябрьде қабыл етилген «Ислам раўажланыў банки ҳәм ОПЕК халықаралық қорының қатнасыўында «Аўыллық жерлерди турақлы раўажландырыў» жойбарын әмелге асырыў илажлары ҳаққында»ғы 5246-санлы қарары тийкарында бир қатар аймақларда жаңа социаллық объектлер қурылмақта.

Усы қарар шеңберинде қурып питкерилген бул бақша 120 орынға мөлшерленген болып, заманагөй оқыў ханалары, ойын майданшалары ҳәм қолайлы инфраструктурасы менен ажыралып турады. Объекттиң қурылысы ушын 5 миллиард 388 миллион сум қаржы қаратылып, қысқа мүддетте сапалы түрде пайдаланыўға тапсырылды.

Жаңа мектепке шекемги билимлендириў шөлкеминиң иске түсирилиўи тек ғана аўыл халқы емес, ал пүткил райондағы ата-аналар ушын үлкен қолайлық жаратып, балалардың руўхый ҳәм ақылый раўажланыўына хызмет етеди.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги