Өзбекстанда Zoomlion тракторлары ислеп шығарыла басланды

114

Қытайдың Хунан провинциясы вице-губернаторы Ван Жуншоу басшылығындағы делегация Өзбекстанға келди. Сапар даўамында Zoomlion Agriculture Machinery Co., Ltd. (Қытай) ҳәм “Oxus Machinery” компаниялар топары (Өзбекстан) арасында технологиялық бирге ислесиў ҳаққындағы келисимге қол қойылды және Zoomlion тракторларын мәмлекетте локализациялаў бағдарламасының үшинши басқышы салтанатлы түрде ашылды.

Өндирис процеси ушын платформа сыпатында “Profmetservice” ЖШЖ таңланды. Бул кәрхана “Oxus Machinery”топарына қараслы компаниялардан бири болып есапланады.

Бирге ислесиўшилер өндиристи жергиликли фермерлердиң талаплары, Өзбекстанның топырақ-климат шараятлары ҳәм агротехнологияларын есапқа алған ҳалда жолға қоймақта.

Бағдарлама шеңберинде 2024-жылы мәмлекет бойлап кең көлемли хожалық сынақлары өткерилген. Бул сынақлар қайсы түрдеги тракторлар аўыл хожалығы ушын ең мақул екенин анықлаў, олардың техникалық конфигурациясын ислеп шығыў ҳәм исенимлилигин тексериўге қаратылған еди. Нәтийжелер бойынша ҳәр қыйлы агротехнологиялық процесслерге сәйкес келетуғын қуўатлылық қатары, модельлер ҳәм конфигурациялар таңлап алынды.

2025-жылдың биринши шерегинде бағдарлама ислеп шығарыў басқышына өтти. Усы дәўирде 11100 ат күшине, 160 ат күшине ҳәм 2040 ат күшине ийе болған үш модельдиң дәслепки партиясы ислеп шығарылды.

Ҳәзирги – үшинши басқыш болса тракторларды терең локализациялаўды нәзерде тутады. Бул процессте двигатель, трансмиссия, кабина каркасы ҳәм элементлери, гидравлика, электр ҳәм пневматика системалары сыяқлы тийкарғы агрегат ҳәм комплектлеўши бөлеклер жергиликли кәрханалар менен биргеликте ислеп шығарылады.

2025-жылдың август айының ақырына шекем Zoomlion RS  1604 (160 ат күши) тракторының биринши нусқасы ислеп шығарылыўы режелестирилген. Сондай-ақ, жыл ақырына шекем және еки модель – Zoomlion RC  804 (80 ат күши) ҳәм Zoomlion RG  2004 (200 ат күши) ислеп шығарыўға киргизилиўи күтилмекте.

Заводтың жыллық өндирислик қуўатлылығы 1 000 дана тракторды қурайды. Өндирис процеси Zoomlion компаниясы усынған технологиялар ҳәм сапа қадағалаўы тийкарында алып барылады.

Соның менен бирге, техника сатылғаннан кейинги хызмет көрсетиў де жолға қойылады. “Oxus Machinery”  ЖШЖ мәмлекет бойлап кең тармақ арқалы кепилликли оңлаў, техникалық хызмет көрсетиў ҳәм аўысық бөлеклер тәмийнатын әмелге асырады.

ӨзА