“Бизнести раўажландырыў банки” 1 трлн 273 млрд сўмлық ипотека кредити ажыратты

21-август күни Миллий баспасөз орайында “Бизнести раўажландырыў банки” АКБ Мәлимлеме хызметиниң баслығы Шуҳрат Ориповтың қатнасыўында брифинг болып өтти.
Онда бул қаржы мәкемеси елимизде халықты турақ жай менен тәмийинлеў, пуқаралардың жасаў шараятларын жақсылаў мақсетинде әмелге асырылып атырған кең көлемли мәмлекетлик бағдарламаларда белсене қатнасып атырғаны атап өтилди.
Атап айтқанда, банкте турақ жай сатып алыў, қурыў, реконструкциялаў ҳәм оңлаў мақсетлери ушын 10 нан аслам кредит өнимлери енгизилген.
2025-жылдың 7 айында банк тәрепинен барлық дәреклер есабынан 4 596 пуқараға 1 триллион 273 миллиард сум муғдарында ипотека кредити ажыратылған.
Соның ишинде, Экономика ҳәм қаржы министрлигиниң қаржылары есабынан басланғыш турақ жай базарындағы квартиралар сатып алыў, турақ жай қурыў (реконструкциялаў) ушын – 3 709 пуқараға 1 трлн 41 млрд сум ажыратылды. Соннан 1 841 пуқараға 545 млрд сумлық ипотека кредитлери субсидия төлемлери тийкарында берилди.
Өткен дәўирде банк тәрепинен:
– “Қишлоқ қурилиш инвест” Инжиниринг компаниясы қатнасыўында үлгили турақ жайлар ушын – 367 пуқараға 52 млрд сумлық;
– банктиң өз қаржылары есабынан екилемши базардан турақ жай сатып алыў, турақ жай оңлаў, қурыў ҳәм реконструкциялаў ушын – 501 пуқараға 174,2 млрд. сумлық ипотека кредитлери ажыратылды.
Әмелге асырылып атырған жумыслардың нәтийжесинде өткен жылдың усы дәўирине салыстырғанда банк тәрепинен халыққа ажыратылған ипотека кредитлериниң салмағы 941 миллиард сумға ямаса 383 процентке артты.
Брифингте атап өтилиўинше, “Бизнести раўажландырыў банки”нде халыққа ипотека кредитин ажыратыўда бир қатар қолайлықлар енгизилген.
Атап айтқанда, рәсмий дәраматқа ийе болмаған шахсларға олардың Humo ҳәм Uzcard банк карталарының айланысы мағлыўматлары тийкарында ипотека кредитин ажыратыў механизми енгизилген.
Халықтың турақ жайларын энергия үнемлеўши ҳәм экологиялық таза өнимлерден пайдаланған ҳалда оңлаўы ушын “Жасыл оңлаў” ипотека кредитиниң өними енгизилди.
Буннан тысқары, ипотека кредити ажыратылыўында банк мобиль қосымшасы арқалы онлайн арза жибериў имканияты жаратылған.
Банк Мәлимлеме хызмети