Өзбекстан ҳәм Уллы Британия билимлендириў системасы арасындағы муўапықлықты өз-ара тән алыў имканиятларын додаламақта

Өзбекстан Халықаралық маманлықлар ҳәм баҳалаў орайы (ХМБО) директоры Ҳуснидин Ҳамидов ҳәм Уллы Британия Миллий мәлимлеме орайы (UK ENIC) басшысы Кэтрин Хуан арасында онлайн сөйлесиўлер шөлкемлестирилди, деп хабар бермекте “Дунё” МА.
Ушырасыўда британиялы қәнигелерге ХМБОның мақсет ҳәм ўазыйпалары, сондай-ақ, орайдың Уллы Британияның “Integrated Qualifications Framework” системасы менен биргеликте әмелге асырып атырған жойбарлары ҳаққында мағлыўмат берилди. Атап айтқанда, Өзбекстанда академиялық ҳәм кәсиплик бағдарламаларды интеграциялаў, студентлер ушын халықаралық билимлендириў имканиятларын кеңейтиў, академиялық мобилликти тәмийинлеў бағдарындағы жумыслар атап өтилди.
Тәреплер ХМБО тәрепинен ислеп шығылған ҳәм Өзбекстан миллий билимлендириў системасында тән алынған 3-7 дәрежели академиялық ҳәм кәсиплик бағдарламалардың Уллы Британия нызамшылығы шеңберинде де рәсмий тән алыныўы мәселесин додалады.
Британия тәрепи бул бағдарламалардың рәсмий тән алыныўы Өзбекстан студентлери ушын қосымша имканиятлар жарататуғынын мәлим етти. Бул болса студентлерге билимлендириўди ҳәм Өзбекстанда, ҳәм Британияда алыў имканиятын береди.
Ушырасыў жуўмағында Халықаралық қәнигеликлер ҳәм баҳалаў орайы тәрепинен UK ENICке Британия билимлендириў системасы менен Өзбекстан миллий билимлендириў системасы арасындағы муўапықлықты өз-ара тән алыў бойынша толық мағлыўмат ҳәм усынысларды бериў және жумысшы сөйлесиўлерди экспертлер дәрежесинде даўам еттириў бойынша келисимге ерисилди.
UK ENIC Уллы Британия ҳүкимети жанындағы халықаралық тәжирийбелер ҳәм көнликпелерди тән алыў ҳәм салыстырыў бойынша рәсмий уйым есапланады. Шөлкем Билимлендириў министрлиги менен биргеликте сырт ел дипломлары ҳәм қәнигеликлерин тән алыў бойынша мәлимлеме ҳәм мәсләҳәт жәрдемин көрсетип келмекте», делинеди хабарда.
Қарақалпақстан хабар агентлиги