Өзбекстан Президенти әмелий сапар менен Түркменстанда болады
1330

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев Түркмен халқының миллий жетекшиси, Түркменстан Халық Мәсләҳәти Баслығы Гурбангули Бердимуҳамедовтың мирәт етиўине бола 22-август күни “Әзербайжан – Түркменстан – Өзбекстан” форматындағы үш тәреплеме саммитте қатнасыў ушын әмелий сапар менен усы мәмлекетте болады.
“Аваза” миллий туризм зонасында болып өтетуғын илаждың күн тәртибине муўапық, көп тәреплеме бирге ислесиўди, бәринен бурын, саўда-экономикалық, транспорт-коммуникация, энергетика ҳәм гуманитарлық тараўларда раўажландырыў мәселелери көрип шығылады. Бир қатар биргеликтеги ҳүжжетлерге қол қойылыўы нәзерде тутылған.
Мәмлекетимиз басшысы саммит шеңберинде еки тәреплеме сөйлесиўлер де өткереди.
ӨзА