Әдил судлаўды тәмийинлеў бойынша усыныслар таныстырылды

Президент Шавкат Мирзиёев суд системасын жетилистириўге ҳәм әдил судлаў мәселелерине байланыслы перезентация менен танысты.
Соңғы жылларда бул тараў избе-из реформаланып, судлар жазалаўшы уйымнан инсан ҳуқықларын қорғаўшы системаға айландырылды.
Соның ишинде, ҳәкимшилик судлар шөлкемлестирилди. Турмыслық зорлық-зомбылықтың алдын алыўға қаратылған нәтийжели илажлар көрилди. Шаңарақлық мәселелерге қәнигелескен судьялар корпусы жаратылды. Инвестициялық келиспеўшиликлер бойынша айрықша судлаў қурамы шөлкемлестирилди.
Бундай реформаларды пуқаралар өз ўақтында сезбекте, сырт ел экспертлери әҳмийетли қәдем сыпатында тән алынбақта.

Соның менен бирге, судлаўдың ашықлығын ҳәм халықшылығын тәмийинлеў, санластырыў арқалы адамларға қолайлылық жаратыў, жоқары маман кадрлар таярлаў бойынша көп мәселелер өз шешимин күтпекте.
Презентацияда бул бағдардағы режелер ҳәм оларды әмелге асырыў илажлары додаланды.
Әдил судлаў тараўын санластырыў мақсетинде раўажланған мәмлекетлердиң тәжирийбеси тийкарында «Санлы суд» концепциясы ислеп шығылды ҳәм оны избе-из әмелге асырыў бойынша илажлар белгиленди. Бул коррупцияның алдын алыў, пуқаралар ҳәм исбилерменлерге әўерегершиликсиз әдил судлаўға ерисиў имканиятларын кеңейтиўге хызмет етеди.
Таллаўларға бола, пуқаралық ҳәм экономикалық судларда көрилетуғын шағымлардың үлкен бөлеги келиспеўшиликсиз ислерге туўра келмекте. Сонлықтан бундай мәселелерди ҳәкимшилик уйымлар ўәкиллигине өткериў усыныс етилмекте. Бул пуқаралар ҳәм исбилерменлик субъектлери машқалаларын қысқа мүддетте шешиўди тәмийинлейди.
Және бир қолайлылық – ҳәкимшилик ҳәм экономикалық суд жумысларын экстерриториал түрде көриў тәртибин енгизиў. Бүгинги санлы технологиялар әсиринде оның имканияты бар.

Әдиллик ҳәм исенимди тәмийинлеўде судьялық лаўазымның турақлылығы әҳмийетли. Усы мақсетте судьялыққа тайынлаў мүддетлерин қайта көрип шығыў нәзерде тутылмақта.
Барлық бағдардағы судлар бойынша регионаллық текскериў судларын шөлкемлестириў, ўәлаят ҳәм оған теңлестирилген судлардағы тексериў инстанцияларын сапластырыў усынысы билдирилди. Онда ўәлаят ҳәм оған теңлестирилген судларда тек ғана апелляция ҳәм кассация инстанциясы болыўы, тексериў инстанциясы болса 5 регионаллық судта шөлкемлестирилиўи режелестирилмекте.
Және бир әҳмийетли мәселе – суд системасы ушын кадрлар таярлаў системасын түп-тийкарынан жетилистириў болып есапланады. Сол мақсетте Судьялар жоқары мектебин реформалап, оның негизинде Әдил судлаў академиясын шөлкемлестириў концепциясы таныстырылды.
Мәмлекетимиз басшысы билдирилген усынысларды мақуллап, тийисли пәрманларға қол қойды. Режелестирилген ўазыйпалардың орынланыўын системалы ҳәм сапалы тәмийинлеў бойынша тапсырмалар берилди.
ӨзА