Ғәрезсизлик байрамы мүнәсибети менен неше күн дем алынады?
157

Өзбекстанлылар Ғәрезсизлик байрамы мүнәсибети менен 1-сентябрь, дүйшемби күни дем алады. Сийшемби күни ҳәмме ушын жумыс күни болады. Бул ҳаққында Кәмбағаллықты қысқартыў ҳәм бәнтлик министрлиги мәлим етти.
Мәлим етилиўинше, 2025-жыл ушын жумыс ўақтының даўамлылығы календарына “1-сентябрь – Ғәрезсизлик күни” байрамы мүнәсибети менен қосымша дем алыс күнлери белгиленбеген ҳәм дем алыс күнлери көширилмеген.
Соған муўапық:
5 жумыс күнинде ислейтуғынлар 3 күн – 30-август (шемби), 31-август (екшемби) ҳәм 1-сентябрь (байрам) күнлери;
6 жумыс күнинде ислейтуғынлар 2 күн – 31-август (екшемби) ҳәм 1-сентябрь (байрам) күнлери дем алады.
Қарақалпақстан хабар агентлиги