YouTube жасты жасалма интеллект жәрдеминде тексереди

YouTube АҚШта жаңа системаны иске түсирди. Енди жасалма интеллект пайдаланыўшының жасын анықлайды ҳәм жас өспиримлерге айырым функцияларды шеклейди.
Егер система сизди 18 жастан киши деп тапса:
– Меншиклестирилмеген рекламалар көресиз.
– Тамаша ўақтында тәнепис еслетпелери көринеди
– Видео жүклеў ямаса түсиниклерде қәўипсизлик ескертиўлери пайда болады
– 18+ видеоларға кириў қадаған етиледи.
Жас надурыс анықланса, AD фотосүўрети, сельфи ямаса кредит карта мағлыўматы менен тастыйықлаў мүмкин.
YouTube мағлыўматлар реклама ушын пайдаланылмайтуғынын айтпақта, бирақ пайдаланыўшылар ҳәм қәнигелер жасырын сырлылық қәўиплеринен ескертпекте.
Социаллық тармақларда #boycottyoutube (tg://search_hashtag?hashtag=boycottyoutube) хэштеги пайда болды. Айырымлары болса ҳүжжетли ҳәм жаңалықлар контентин тамашаласа да шеклеўге ушырағанын айтпақта.
Буннан алдын Австралия 16 жастан киши болғанлар ушын YouTube аккаунтын қадаған ететуғынын жәриялаған еди.
Мадинабону Насриева, Анвархўжа Аҳмедов, ӨзА