Өз атына кредит алыўды қадаған етиў тәртиби ислеп шығылды

151

Ҳүкиметтиң быйыл 20-августтағы 522-санлы қарары менен “Физикалық тәреплер ҳаққындағы мағлыўматларды Кредит келисимин дүзиў қадаған етилген шахслар реестрине киргизиў ямаса усы реестрден шығарыў тәртиби ҳаққында”ғы реже тастыйықланды.

Режеге бола, мағлыўматларды усы реестрге киргизиў ямаса шығарыў бойынша арзалар БИМХП (my.gov.uz), мәмлекетлик хызметлер орайлары ямаса кредит бюролары арқалы бериледи.

Арза бериўши өзи келип, кредит бюросына жазба мүрәжат еткенде, арза бериўшиге ҚР-код қойылған мағлыўматнама бериледи.

Мәмлекетлик хызметлер орайлары хызметтиң нәтийжесин ол келип түскеннен соң 10 минут ишинде арза бериўшиниң электрон мәнзилине жибереди ҳәм арза бериўшини бул ҳаққында мәлимлеме-коммуникация системасы арқалы хабардар етеди.

Кредит келисимин дүзиўди қадаған етиў ямаса қадаған етиўди алып таслаў ҳаққындағы арза жиберилген сәне ҳәм ўақыт, қадаған етиў белгиленген ямаса алып тасланған сәне ҳәм қадаған етиў шәртлери ҳаққындағы мағлыўматлар шахслардың кредит тарийхында көрсетип барылады.

Мәмлекетлик хызметлер орайлары ҳәм кредит бюролары алынған мағлыўматлардың сыр сақланыўын тәмийинлейди,-деп мәлимлеме береди xabar.uz сайты.

Қарақалпақстан хабар агентлиги