Өзбекстан СИМ басшысы”Aluminium Bahrain” (Alba)ның бас директоры менен сәўбетлести

Өзбекстан сыртқы ислер министри Бахтиёр Саидов Бахрейнге рәсмий сапары шеңберинде “Aluminium Bahrain” (Alba) компаниясының бас атқарыўшы директоры Али Ал Бақали менен ушырасты.
“Дүняның жетекши алюминий ислеп шығарыўшыларынан бири болған “Aluminium Bahrain” (Alba) компаниясының бас атқарыўшы директоры мырза Али Ал Бақалий менен кең көлемли сәўбет өткердик, – деп жазды Өзбекстан СИМ басшысы өзиниң telegram-каналында. – Экономикалық байланысларды беккемлеў, “Alba” сыяқлы алдыңғы компаниялар менен биргеликтеги жойбарларды әмелге асырыў Өзбекстан менен Бахрейн арасында өз-ара пайдалы байланысларды жолға қойыўдың әҳмийетли бағдарларынан бири болып қалмақта.
“Жасыл” энергетиканы алға қойыў, технологиялық өндирис, биргеликтеги кәрханалар ҳәм басқа да мәселелер бизиң күн тәртибимизден орын алды”.
Қарақалпақстан хабар агентлиги