Өзбекстанның биринши елшиси Лихтенштейн Мийрасхор шахзадасына исеним жарлықларын тапсырды

126

Өзбекстанның Лихтенштейн Князлигиндеги биринши елшиси (резиденциясы Берлин қаласында жайласқан) етип тайынланған Дилшод Ахатов усы мәмлекеттиң Мийрасхор шаҳзадасы Алойзға исеним жарлықларын тапсырды, деп хабар бермекте “Дунё” МА.

«Лихтенштейн Мийрасқор шахзадасы мәмлекетимизде әмелге асырылып атырған реформаларды ҳәм еки мәмлекет арасында бақланып атырған өз-ара пайдалы байланысларды раўажландырыў бойынша ҳәрекетлерди қоллап-қуўатлады.

Ол тарийхта биринши мәрте усы мәмлекетте Өзбекстан елшисиниң тайынланғанын айрықша атап өтти.

Лихтенштейн ҳәм Өзбекстан арасында 2024-жылы март айында орнатылған дипломатиялық байланыслар бирге ислесиўди системалы түрде даўам еттириў ушын әҳмийетли тийкар болғаны, Вадус Ташкент пенен қатнасықларды кеңейтиў ҳәм беккемлеў тәрепдары екени атап өтилди.

Ушырасыў жуўмағында шахзада Алоиз Өзбекстан Президентине жақсы тилеклери ҳәм қызғын сәлемлерин жоллап, мәмлекетимиз халқына тынышлық ҳәм абаданлық тиледи.

Сондай-ақ, Өзбекстан делегациясы Лихтенштейн Бас министриниң орынбасары – сыртқы ислер, қоршаған орталық ҳәм мәденият министри Сабине Монауни менен ушырасыў өткерди. Сөйлесиў ўақтында еки мәмлекеттиң БМШ ҳәм басқа да халықаралық шөлкемлер шеңбериндеги конструктивлик сөйлесиўи жоқары баҳаланды.

Ол Өзбекстан тәрепинен әмелге асырылып атырған тынышлық сүйер, ашық, әмелий ҳәм жедел сыртқы сиясатты айрықша атап өтти. Соның менен бирге, мәмлекетлер арасындағы еки тәреплеме ҳәм көп тәреплеме бирге ислесиўди буннан былай да раўажландырыўға үлкен имканиятлар бар екенлиги атап өтилди.

Атап айтқанда, Сабине Монауни Халықаралық валюта фондындағы Швейцария даўыс бериў топары шеңбериндеги нәтийжели бирге ислесиўди жоқары баҳалап, Лихтенштейнниң 2024-жыл октябрьде бул топарға ағза болыўы еки мәмлекет арасындағы экономикалық ҳәм финанслық тараўлардағы бирге ислесиўди және де беккемлеўге хызмет ететуғынына исеним билдирди», делинеди хабарда.

Қарақалпақстан хабар агентлиги