ЮНЕСКОның 43-сессиясы: Самарқанд глобал қарым-қатнас ҳәм мәдений бирге ислесиў майданына айланады

Быйыл уллы тарийхқа, бай руўхый мийрасқа ийе Самарқанд және бир мәрте дүнья жәмийетшилигиниң итибарын өзине тартады. Бул әййемги қалада болып өтетуғын БМШ Билимлендириў, илим ҳәм мәденият мәселелери бойынша шөлкеми – ЮНЕСКОның 43-сессиясы тек ғана елимиз емес, ал пүткил Орайлық Азия ушын әҳмийетли халықаралық ўақыя болып есапланады.
Бизге белгили, 1945-жыл 16-ноябрьде дүзилген бул шөлкемниң тийкарғы мақсети билимлендириў, илим, мәденият, коммуникация, туризм сыяқлы әҳмийетли тараўларда халықаралық бирге ислесиўди раўажландырыў арқалы пүткил дүньяда тынышлық ҳәм қәўипсизликти беккемлеўге жәрдемлесиў болып есапланады. Структура рәсмий емес түрде “БМШтың ақыл лабораториясы” деп аталады.

Жавоҳарлал Неру өз дәўиринде “инсаният ҳүжданы” деп тәрийплеген ЮНЕСКОға бүгинги күнде 200 ге шамалас мәмлекет ағза. Елимиз структураға 1993-жыл 26-октябрьде қабыл етилген. Өткен дәўир даўамында ЮНЕСКО менен бир қатар бағдарларда нәтийжели бирге ислесиў жолға қойылды. Мәдений мийрасты қорғаў, билимлендириўдиң сапасын арттырыў, илимди раўажландырыў ҳәм жәмийетте инклюзивликти тәмийинлеў сыяқлы тараўларда әмелге асырылып атырған жойбарлар Өзбекстанның халықаралық майдандағы абырайын және де беккемлемекте.
ЮНЕСКО тәрепинен Самарқанд, Бухара, Хийўа ҳәм Шаҳрисабздеги тарийхый естеликлеримиз Жәҳән мәдений мийрасы дизимине киргизилиўи Ўатанымыздың бай мәдений мийрасын дүньяға танытыўда әҳмийетли қәдем болды, деп айтыў мүмкин. Сондай-ақ, Наўрыз, Шашмақам, Көкпар, Ас писириў дәстүри сыяқлы материаллық емес мийраслар да ЮНЕСКО репрезентатив дизиминен мүнәсип орын ийелеген.
Бул абырайлы әнжуманның елимизде өткерилиўи биз ушын тек ғана шөлкемлестириўшилик табыс емес, ал мәденият, дипломатия тараўларындағы избе-из реформаларымызды да көрсетеди. Мәмлекетимиз бул абырайлы илажға жоқары дәрежеде таярлық көрмекте. Ҳәзирги ўақытта Самарқандта инфраструктураны жақсылаў, мийманхана ҳәм транспорт системасын буннан былай да жетилистириў, тарийхый ҳәм мәдений объектлерди оңлаў жедел даўам еттирилмекте.

Самарқанд халықаралық аэропортында имканиятлар кеңейтилди, жаңа конференция заллары, мәдений илажлар ушын майданлар таярланды. Соның менен бирге сессия қатнасыўшылары ушын миллий үрп-әдетлеримиз, дәстүрий өнерментшилик, гастрономия ҳәм көркем өнер үлгилерин көрсететуғын арнаўлы бағдарламалар ислеп шығылған.
Сессия даўамында жергиликли ҳәм сырт елли делегатлар билимлендириў, илим, мәденият ҳәм материаллық емес мийрасты қорғаўға байланыслы әҳмийетли мәселелерди додалайды. Сондай-ақ, мәмлекетимиз тәрепинен алға қойылып атырған басламалар – әсиресе, мәдений мийрас объектлерин санластырыў, жаслардың билим алыўын қоллап-қуўатлаў, илим тараўына инновациялық қатнасларды енгизиў бағдарындағы усыныслар айрықша әҳмийетке ийе болады.
Улыўма, ЮНЕСКОның бул ретки сессиясы, әлбетте, Өзбекстанның глобал мәдений ҳәм руўхый пикирлесиўдеги орнын және де беккемлеп, республикамыздың дүнья жәмийетшилигиндеги белсенди, ашық ҳәм интакер мәмлекет сыпатындағы абырайын және де арттырады.
А.Алимова таярлады. ӨзА