Мультфилмлер тек ғана сананы емес, ал тәрбияны да қәлиплестириўши қурал

Бүгинги күнде балалар ушын ислеп шығарылып атырған мультфилмлер, анимациялық фильмлер, көрсетиўлер ҳәм шоулар сан жағынан көбейген сайын олардың мазмуны ҳәм сапасы да түрлише болып бармақта. Тилекке қарсы, ҳәзирги көплеген мультфилмлерде тек ғана ашық кийиниў усылы, ҳәдден тыс шоқлық ямаса мәни жағынан тийкарынан үлкенлерге қаратылғаны балалардың санасына ҳәм психологиясына унамсыз тәсир етпекте. Буған итибар бермеген ата-аналар болса перзентлериниң келешегин қәўипке қойыўы мүмкин.
Ҳәр бир бала көргенин тәкирарлайды. Әсиресе, 2 жастан 10 жасқа шекемги дәўирде бала санасында көрген көринислери терең из қалдырады. Соның ушын мультфилмлер әпиўайы кеўил ашар қурал емес, баланың дүньяға көзқарасы, әдеп-икрамлылық қәдириятлары, қарым-қатнас мәденияты, ҳәттеки сөз байлығына тиккелей тәсир етеди.

Көпшилик заманагөй мультфилмлерде урыслар, жарылыўлар, шаўқымлы сахналар тийкарғы орынды ийелейди. Бала бундай сахналарды көрип, машқалаларды зорлық пенен шешиў дурыс, деген жуўмаққа келеди. Айырым мультфилмлер болса ҳақыйқатлық ҳәм қыял арасындағы шегараны жоғалтады. Реал турмыста болмаған имканиятлар арқалы бала санасында надурыс көзқарас қәлиплеседи. Және базы бир мультфилмлерде ата-ана образларының абырайы төменлетилиўи бақланады. Соның менен бирге, өзимшил, ҳеш қандай билим ҳәм көнликпелерге ийе болмаған қаҳарманлар дүньяны қутқарған сыпатында тән алынады.
Дурыс, жәмийетимиздеги ҳәр бир ата-ана балалар психологи емес. Заманагөй дүньяда, жумыс ҳәм шаңарақ арасында ўақыт бөлистириў жүдә үлкен машқала болып қалмақта. Себеби, ата-аналар барлық ўақытта да перзентлери менен бирге ўақыт өткере алмайды ҳәм балалардың кеўлин алыўы ушын бир нәрселер менен жалғыз қалдырыўға мәжбүр болады. Телевизор ямаса гаджетлерде мультфилм ямаса ҳәр қыйлы анимациялық фильмлерде норма ҳәм таңлаў шегарасы болса, үлкен зыян келтирмейди, әлбетте.
Мысалы, шаңарақтағы үлкенлер балалар нени бақлап атырғанын қадағалаўға алыўы лазым. Себеби, тәбийий әҳмийетке ийе болған ҳәр қандай сүўретлениў тек ғана қызықлы көриў қуралы емес, ал ата-аналар ушын тәрбияда жәрдемши ўазыйпасын да атқаради. Мысалы, диний билим ҳәм тәрбия тийкарында жаратылған мультфилмлер балада исеним, сабыр, пәклик, ҳадаллық сыяқлы сыпатларды раўажландырады. Олар ийман, жақсылық ҳәм Қураны кәрим қыссалары тийкарында таярланған болып, балаға ерте жасынан-ақ әдеп-икрамлылық нормаларын сиңдиреди.

Тәрбиялық ҳәм әдеп-икрамлылық характерге ийе мультфилмлер балаға ҳадаллық, мийрим-шәпәәт, сабыр-тақат, ата-анаға ҳүрмет, туўрылық, мийнетке болған муҳаббат сыяқлы инсаныйлық пазыйлетлерди үйретеди. Бала қатнасық мәденияты, таза жүриў, жәрдем бериў сыяқлы әдеп-икрамлылықларды усы арқалы өзлестиреди.
Миллий қәдириятлар тийкарындағы мультфилмлер болса перзентлеримизди миллий қәдириятларымыз, үрп-әдетлеримиз, халық ертеклери ҳәм уллы ата-бабаларымызға ҳүрмет руўхында тәрбиялайды. Олар арамыздағы уллы адамлар, ата-анаға ҳүрмет, тынышлық ҳәм дослық ҳаққында гүрриң етеди.
Заманагөй технологиялар әсиринде баланы экранлардан толық қорғаў қыйын. Бирақ ата-аналар мультфилм таңлаўда жуўапкершиликли болса, перзентиниң әдеп-икрамлылық ҳәм руўхый саламатлығына зыян жеткермеген ҳалда сақлап қалыўы мүмкин. Бала көргенин емес, көргенинен қандай жуўмақ шығарғанын турмыста сәўлелендиреди. Солай екен, оған не көрсетип атырғаныңызды жақсылап ойланып көриң.
ӨзА