Август айын жақсы көремен!

153

Ўатан ушын, миллет ушын, халық ушын!

Өзим фермер болғаным ушын әзелден август айын жақсы көремен! Пахтаның зүрәәтке қосылыў дәўири, овощ-палыз, бағдағы мийўелер пискен ҳәм зүрәәт жыйнаўға кирисетуғын басқыш болғаны ушын ба, бағман ҳәм дийқанлар бул айды жақсы көреди.


Сондай-ақ, соңғы жыллары Президентимиздиң басламасы менен 20-август – мәмлекетимизде “Исбилерменлер күни” сыпатында белгиленгени фермерлердиң де жаңалықлар күтетуғын байрамына айланған.

Шаңарақ ағзаларымыз бенен шөлкемлестирген “Арзыў” фермер хожалығын 2014-жылдан берли басқарып келемен. Хожалығымыздың улыўма жер майданы 578 гектарды, соннан егислик майданы 175 гектарды қурап, 44 адам турақлы жумыс пенен тәмийинленген.

Өткен жылы 37 гектар майданда пахта жетистирип, мәмлекетке пахта сатыў режесин 102 процентке орынладық. Сондай-ақ, 60 гектар майданға дән егип, 169 тонна ғәлле тапсырдық.

Фермерлерге жаратылған шараятлар тийкарында биз де жумысымызды барған сайын кеңейтип бармақтамыз. Ҳәзирги ўақытта фермер хожалығымызда 50 бас қарамал, 28 бас бузаў, 60 бас қой, 100 ге шамалас қус бағылмақта.

Соның менен бирге, бүгинги күнде 60 гектар майданда боян тамырын жетистириў бойынша плантация шөлкемлестирилген. Дәслепки майданларда 6 жылдан берли өсип раўажланған боян тамыры ҳәзир таяр өним жағдайына келди. Бул бағдарда да 14 адамның бәнтлиги тәмийинленген.

Ҳәр жылы алынған дәраматты есаплаймыз. Фермер хожалығымыз кейинги үш жылда жәми 1 832,5 млн. сум дәрамат, техникалардың лизинг ҳәм кредит қарызларын қайтарыў ҳәм басқа да қәрежетлерден ҳәр жылы 500 миллион сумға шамалас сап пайда менен жуўмақлап киятырмыз. Хожалығымызға жоқары өнимдарлы егин майданларын сүриўши техникалардан баслап, заманагөй жоқары агрегатларға шекем алғанбыз.

Өзим рети келгенде есапшы, жумысшы ҳәм механизатор болып тракторларды басқарып кете беремен. Өмирлик жолдасым ҳәм 5 перзентим, шаңарағымыз ағзаларының ҳәр бири маған қол-қанат.

Фермерлик жумысымда ерискен нәтийжелерим менен таңлаўларда қатнасып келмектемен. 2021-жылы Республикалық Ҳаял-қызлар жәмийетлик кеңеси тәрепинен өткерилген “Жыл ҳаялы – 2021” миллий таңлаўының Республикалық басқышында Гран-при жеңимпазы болып, Президент саўғасы “Жентра” автомобили менен сыйлықландым.

Саўға фермер хожалығымыздың жаңа тармақларын раўажландырыўға түртки болды. 2022-жылы өз есабымыздан 600 түп мийўе нәллерин егип, “Аналар бағы”н шөлкемлестирген едик. Келеси жылы Жәҳән банкиниң “Аралбойы регионының климат өзгериўин жумсартыў жойбары” бойынша өзимниң бизнес режем менен қатнасып, 600 млн грант утып алыўға миясар болдым.

Түркия мәмлекетинен 7 мың 250 түп жоқары түрдеги қарамық нәли алып келинип, 8 гектар майданға егилди ҳәм бүгинги күнде оларға тәрбия берип атырмыз. Өткен жылы да аўыл хожалығын раўажландырыў бойынша халықаралық грант таңлаўларында бизнес режемиз бенен қатнасып 200 миллион сум грант ийеси болып, 1 гектар майданда жаңа бағ жаратылды. Усы тәризде бағшылық тармағымыз барған сайын кеңейип раўажланбақта.

Енди, ун ҳәм нан өнимлерин ислеп шығарыў үстинде жумыс алып бармақтамыз. Буның ушын банктен 300 млн сум кредит алып, қурылысларын басладық. Қулласы, ғәллени жетистириўден таяр өнимге шекемги процесслерди өзимиз шөлкемлестирип, халқымыз дастурханына жеткериўди мақсет етип алдық.

Президентимиздиң “Исбилерменлер күни мүнәсибети менен тараў ўәкиллеринен бир топарын сыйлықлаў ҳаққында”ғы Пәрманы менен “Дўстлик” ордени менен сыйлықландым.  Бул исеним жәмәәтимизди алдымызға қойған мақсетлеримизди әмелге асырыўға, аўыл хожалығы өнимлерин жетистирип, тек ғана жергиликли базарды тәмийинлеў емес, ал экспортқа шығарыўға ҳәрекет етиўге күш-ғайрат бағышлайды.

Палзада Салиева,

  Кегейли районындағы “Арзыў” көп тармақлы фермер хожалығының баслығы, “Дўстлик” ордениниң ийеси.

Қарақалпақстан хабар агентлиги