Миллий кино өнеримиздиң жаңа бети

Бизге белгили, кейинги жыллары Президентимиз Шавкат Мирзиёевтиң басламасы менен елимиздиң үш мың жыллық даңқлы тарийх бетлерин объектив, ҳәр тәреплеме үйрениў ҳәм ғалаба ен жайдырыўға айрықша итибар қаратылмақта.
Атап айтқанда, елимиздиң раўажланыў жылнамасында өзинен жарқын из қалдырған белгили илимпазлар, жазыўшы ҳәм ойшыллар, белгили ҳүкимдар ҳәм әскерий сәркардалардың ибратлы өмири ҳәм жумысын илим, әдебият ҳәм көркем өнер қураллары арқалы кеңнен сәўлелендириў, усы тәризде жасларымызды ата-бабалар мийрасына ҳүрмет ҳәм садықлық, жоқары ўатансүйиўшилик руўхында тәрбиялаў жолында әҳмийетли илажлар әмелге асырылмақта.
Итибарлы тәрепи, бул бағдарда кино көркем өнериниң тәсиршең ҳәм тартымлы күшинен өнимли пайдаланыўға айрықша әҳмийет қаратылмақта. Усы мақсетте 2024-жыл 5-июньде Өзбекстан Республикасы Президентиниң “Кинематография тараўын буннан былай да раўажландырыў және елимиздиң тарийхына бағышланған фильмлер дүркинин жаратыўға байланыслы илажлар ҳаққында”ғы қарарының қабыл етилгенин айрықша атап өтиў керек.
Усы ҳүжжетке тийкарланып “Тири тарийх” деп аталған ири жойбар шеңберинде миллий кино көркем өнеримиз тарийхында биринши мәрте көркем, көркем-публицистикалық, қысқа метражлы, ҳүжжетли, анимациялық фильм ҳәм сериаллардан ибарат жәми 54 кино дөретиў үстинде кең көлемли жумыс алып барылмақта. Бул фильмлерде халқымыздың әййемги мәмлекетшилик тарийхы, бай мәдениятымыз, әзелий қәдирият ҳәм дәстүрлеримиз, дүнья цивилизациясының раўажланыўына умытылмас үлес қосқан уллы ата-бабаларымыздың көп қырлы өмири ҳәм бийбаҳа мийрасын толық сәўлелендириў тийкарғы ўазыйпа етип белгиленген.
Бул бағдарда басланған жумыслар өзиниң дәслепки нәтийжелерин бере баслағанын атап өтиў керек. Өткен жылы “Баҳадыр Жалаңтөс,” “Мақтымқулы Пырағый,” “Әжинияз” көркем фильмлери жаратылып, тамашагөйлерге усынылды ҳәм жәмийетшиликтиң итибарын тартты. Ҳәзирги ўақытта және бир қатар картиналарды сүўретке түсириў, монтажлаў ҳәм сес жазыў жумыслары даўам етпекте.
Усы жыл 20-август күни пайтахтымыздағы “Renessans” кино үйинде “Тири тарийх” бағдарламасы бойынша сүўретке алынған және бир кең көлемли кино шығарма – “Уллы Әмир ҳәм донна Мария” тарийхый көркем фильминиң презентациясы болып өтти.



Илажға белгили мәденият ҳәм көркем өнер ғайраткерлери, тарийхшы илимпазлар, дөретиўши зыялылар, сырт елли мийманлар, ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери қатнасты.
– Жаңа фильмниң презентациясына елимиздиң кең жәмийетшилиги, сырт елли мийманлар келгенинен қуўанышлымыз, – деди Кинематография агентлиги директоры ўазыйпасын атқарыўшы Шуҳрат Ризаев. – Президентимиз өткен жылы май айында кино тараўының ўәкиллери менен ушырасып, Ўатанымыздың үш мың жыллық үлкен тарийхына байланыслы фильмлер жаратыў бойынша идеяларды алға қойған еди. “Уллы Әмир ҳәм донна Мария” тарийхый көркем фильми де бул бағдардағы дөретиўшилик излениўлердиң нәтийжеси болып табылады.
Кинематография агентлигиниң буйыртпасы тийкарында “Өзбекфильм” киноконцерни ҳәм Түркияның “Kanguru” кинокомпаниясы менен биргеликте сүўретке алынған бул фильмде Сақыпқыран Әмир Темурдың өмири ҳәм жумысының усы ўақытқа шекем көпшиликке белгисиз болған ибратлы тәреплери ҳаққында сөз етиледи.
Пүткил дүньяға белгили өз дәўириниң сиясий-экономикалық, социаллық-мәдений турмысына үлкен тәсир көрсеткен уллы Әмир Темур ҳақылы түрде инсаният тарийхындағы ең белгили мәмлекетлик ғайраткерлерден бири, жеңилмес сәркарда, данышпан дөретиўши, илим ҳәм мәденияттың қәўендери сыпатында тән алынады.
Соның ушын уллы бабамыз ҳаққында дүньяның түрли мәмлекетлеринде көплеген илимий ҳәм көркем китаплар, пьеса ҳәм фильмлер, сүўретлеў өнери шығармалары жаратылған. Өзбек ҳәм түрк кино шеберлери тәрепинен сүўретке алынған жаңа фильмде де Сақыпқыранниң мине усындай ибратлы пазыйлетлери, “Күш – әдилликте” деген турмыслық принципти беккемлеў жолындағы ис-ҳәрекетлери, оның тәбиятына тән болған шексиз күш-ғайрат пенен бирге кеширимлилик, кеңпейиллик, мийрим-шәпәәт сыяқлы өзгешеликлер тәсиршең көркем қураллар арқалы ашып берилген.
Белгили жазыўшы Хайриддин Султан сценарийи тийкарында жаратылған “Уллы Әмир ҳәм донна Мария” көркем фильми бәринен бурын қурамалы сюжет линиясы, теманың оригинал талқыланыўы, тарийх ҳәм бүгинги күнниң ўақыяларын үйлесимли ҳәм биргеликте көркем сәўлелендириўи, драмалық интригаларға байлығы менен тамашагөйлердиң дыққатын тартады.
Фильм ўақыялары бир ўақыттың өзинде еки параллель багдарда жедел раўажланып барады. Онда узақ өтмиш ҳәм заманагөй турмыс көринислериниң тәкирарланбас сүўретлери бир-бирин тәбийғый түрде толықтырады. Киноны тамаша еткен ағартыўшы тамашагөй инсанның руўхый дүньясының шексиз ҳәм сырлы шегаралары ҳаққында, әўладлар арасындағы тығыз байланыслар, бул дүньяда қашанлардур жүз берген бир ўақыя-ҳәдийсениң ҳеш қашан изсиз кетпеўи ҳаққында философиялық ойларға батады.
Сүўретке алыў жумыслары Түркия ҳәм Өзбекстан аймағында алып барылған бул ири халықаралық дөретиўшилик жойбардың табыслы әмелге асырылыўында және көплеген жергиликли ҳәм сырт ел кино қәнигелери, художник ҳәм операторлар, дизайнерлер, компьютер графикасы шеберлери, продюсер ҳәм каскадёрлардың да мүнәсип хызметлери бар.
Бул фильм “Қор қўйнида лола”, “Орзу ортида”, “Чашма”, “Афғон,” “Фариданинег икки минг қўшиғи”, “Эврилиш” сыяқлы кино шығармалары менен танылған талантлы кинорежиссёр, Өзбекстанда хызмет көрсеткен мәденият хызметкери Ёлқин Тўйчиев тәрепинен сүўретке алынған.
Бир сөз бенен айтқанда, мәмлекетимиз ғәрезсизлигиниң 34 жыллық байрамына мүнәсип саўға сыпатында жаратылған “Уллы Әмир ҳәм донна Мария” көркем фильми миллий кино көркем өнеримиздиң раўажланыўында жаңа бет ашатуғынына гүман жоқ.
Назокат Усмонова,
ӨзАның хабаршысы