Өзбекстан-Қатар: қоршаған орталық ҳәм климат мәселелеринде бирге ислесиў жолында

Қатар Мәмлекетиниң “QNA” мәлимлеме агентлиги Өзбекстан қоршаған орталықты қорғаў ҳәм климат өзгериўи министриниң биринши орынбасары Обиджон Қудратов ҳәм Қатар Қоршаған орталық ҳәм климат өзгериўи министриниң орынбасары Абдулазиз Аҳмад Абдуллаҳ Ол Маҳмуд арасында болып өткен нәтийжели ушырасыў ҳаққында жазып шықты.
Мақалада қоршаған орталық ҳәм климат мәселелери бойынша тәреплер арасында бирге ислесиў бағдарлары көрип шығылғаны атап өтилген.
Атап айтқанда, сөйлесиў ўақтында шөл аймақларында көклемзарластырыў басламалары, шаң боранлары ҳәм топырақ деградациясына қарсы гүрес, экология ҳәм суў ресруслары бойынша биргеликтеги изертлеўлер үйренилди, сондай-ақ, тәбийғый ресурсларды қорғаў тараўларында тәжирийбе алмасыў, экологиялық машқалаларды шешиў бойынша биргеликтеги ҳәрекетлерди күшейтиў перспективалары додаланды.
Бул сөйлесиў глобал экологиялық машқалаларды шешиўде Өзбекстан ҳәм Қатар арасындағы бирге ислесиўди беккемлеў, еки мәмлекеттиң турақлы раўажланыўға қаратылған ҳәрекетлерин муўапықластырыў, сондай-ақ, климат өзгериўи, шөллениў ҳәм суў ресурсларынан нәтийжели пайдаланыў сыяқлы бағдарларда тәжирийбе алмасыў ушын әҳмийетли қәдем екени айтылған.
Муҳаррама Пирматова, ӨзА