Коррупцияға қарсы гүресиў – ҳәр бир пуқараның ўазыйпасы

«Нөкис-аэропорт» шегара бажыхана постында ҳуқықбузарлықларға қарсы гүресиў бойынша гезектеги илаж шөлкемлестирилип, онда халықаралық рейслер бойынша пост арқалы ҳәрекетленип атырған пуқараларға бажыхана нызамшылығы тәртип-қағыйдалары түсиндирилип, оларға ҳәр қандай жағдайда қатаң әмел етиў зәрүр екенлиги атап өтилди.
Илаж даўамында пост хызметкерлери бажыхана шегаралары арқалы алып өтилиўи қадаған етилген товарлардың дизими, товар-материаллық байлықларды бажысыз алып өтиў нормальарына айрықша тоқтап өтип, пуқараларға бажыхана нызамшылығын билип ямаса билқастан бузыўға урынбаў, қадаған етилген затларды бажыхана шегаралары арқалы алып өтпеў ҳәм белгиленген нормаға әмел етиў бойынша түсиндириў жумысларын алып барды.
Нызамшылық талапларын билмеў жуўапкершиликтен азат етпейтуғынын ҳәм исленген ҳуқықбузарлықты жасырыў мақсетинде бажыхана хызметкерине “пара” усыныс етиў нызамшылық талаплары тийкарында жуўапкершиликке тартыўға тийкар болатуғынын атап өтиў керек.
Солай екен, экономиканың ҳәм жәмийеттиң раўажланыўына унамсыз тәсир көрсетиўши фактор – коррупцияға қарсы гүресиў – ҳәр бир пуқараның ўазыйпасы. Пуқаралардың ҳуқықый билимлерин арттырыў, оларды бажыхана нызамшылығы менен таныстырыў коррупция ҳәм ҳуқықбузарлықлардың алдын алыўда айрықша әҳмийетке ийе.



Илаж соңында пуқараларға бажыхана хызметкериниң дәмегөйлик, лаўазымнан шығыў, “пара” талап етиў сыяқлы қолайсыз ҳәрекетлерине дус келсе, Бажыхана комитетиниң 11-08 қысқа ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Бажыхана басқармасының (61) 224-90-86 исеним телефон номерлерине қоңыраў етиўи соралып, арнаўлы буклетлер тарқатылды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги