Газеталар санлы дүньяда жоғалып кетеме?!

Кейинги жылларда интернеттиң кескин раўажланыўы, мәлимлеме технологияларының күнделикли турмысымызға терең сиңип барыўы нәтийжесинде дәстүрий ғалаба хабар қураллары, атап айтқанда, газеталар қатаң сынақлардың алдында қалмақта. Жаңалықлар, мақалалар, ҳәттеки китапларды мобиль қосымшалар, аудиокитаплар, электрон китапханалар арқалы оқыў ҳәм еситиў имканиятының пайда болыўы газеталардың жумысына сезилерли дәрежеде тәсир етпекте. Енди көпшилик жеке мобиль қурылмасы арқалы дүнья ўақыяларынан хабардар болыўды абзал көреди. Бул жағдай болса “Газеталар жоқ болып кетеме?” деген сораўды келтирип шығармақта.
Газета ҳәм журнал дәслеп пайда болған дәўирлерде де усындай қәўетерлер бар еди. Айырым әдебияттаныўшылар ҳәм философлар баспасөздиң раўажланыўы китаплардың қәдирсизлениўине алып келеди, деп ойлаған. Бирақ ўақыттың өтиўи менен бул пикирлер тийкарсыз екенлиги дәлилленди. Китап тек өз орнын сақлап қалып қоймастан, ал мәдений турмыстың ажыралмас бөлегине айланды. Демек, жаңа хабар қуралларының пайда болыўы ески форматлардың пүткиллей жоқ болип кетиўине емес, ал олардың өзгериўине, жаңаланыўына себеп болады.

Газета – бул тек ғана жаңалық тарқатыўшы қурал емес. Ол жәмийетлик пикирди қәлиплестириўге хызмет ететуғын, журналистлик таллаў, автор пикирин, терең қатнасты өзинде жәмлеген мәлимлеме дереги. Газеталар арқалы ўақыялар кең контекстте, тарийхый, сиясий ҳәм социаллық таллаўлар менен сәўлелендириледи. Ол бүгинги тез, бирақ көбинесе жүзеки хабарлар ағымынан өзгеше түрде терең пикирлеў, таллаў ҳәм пикир-таласқа тийкарланады.

Газетаның мәңгилигин тәмийинлеў, оны келешек әўладлардың санасында сақлап қалыў ушын бәринен бурын белгили дәрежеде санлы форматқа да бейимлестириў керек. Дәстүрий газета баспа басылым сыпатында сақланыўы менен бирге, ол заманагөй санлы технологиялар менен үнлес болыўы керек. Санлы газеталар, мобиль қосымшалар, интерактив контентлер арқалы аудиторияға жетип барыў заман талабы.
Газета жаңалықты емес, ал оның анализин, себеби ҳәм ақыбетин, әҳмийетли фактлерге тийкарланған пикирлерди жеткериўи менен бәсекиде үстинликке ерисе алады. Ҳәр бир мақаланыӊ мазмунына терең итибар қаратыў, аналитикалық мазмунға ийе мақалалар арқалы газета оқыўшысының дәрежеси ҳәм билими жоқарылаўына белгили дәрежеде үлес қосыў мүмкин.
Ҳәр бир аймаққа тән машқалалар, мәденият, қәдириятларды сәўлелендириўши газеталар халықтың исенимине ерисиўи ҳәм аудиторияны сақлап қалыўы мүмкин. Қалаберди, сырт елдиң ири, өз абырайын санлы дүньяда исенимли қорғап атырған газеталарының жумыс усылы ҳәм бағдарынан үлги алыў керек. Сырт елде баспалар оқыўшыны қызықтырыў ушын белгили ўақытларда метро ҳәм поездларда бийпул газета тарқатыўы ямаса газеталар кроссворд ҳәм киши бөлимли қызықлы гүрриңлер менен де байытылыўы мүмкин.
Демек, газеталар пүткиллей жоқ болып кетпейди. Олар жаңаланады, заман менен үнлес болады, бирақ өз мәнисин – жәмийетлик пикир тәрбияшысы, мәлимлеме қуралы ҳәм мәдений қәдирият сыпатындағы орнын сақлап қалады. Негизинде, машқала газетада емес, оны жәмийетте қалай қабыл етиўимизде. Егер биз газетаны тек ғана жаңалық дереги сыпатында емес, ал мәдений-руўхый қәдирият сыпатында қәдирлесек, оны қәстерлеп сақлай аламыз. Сонлықтан, газетаныӊ жумысын раўажландырыў – бул тек ғана журналистлердиң емес, ал ҳәр бир саналы инсанның ўазыйпасы.
Дилдора ДЎСМАТОВА.
ӨзА